35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

РУЎХЫЙЛЫҚ ОРАЙЫНА САПАР: ШЫМБАЙДА КИТАПҚУМАРЛЫҚ МӘДЕНИЯТЫН АРТТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

РУЎХЫЙЛЫҚ ОРАЙЫНА САПАР: ШЫМБАЙДА КИТАПҚУМАРЛЫҚ МӘДЕНИЯТЫН АРТТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков мәҳәллелердеги белсенди нураныйлер ҳәм кексе әўлад ўәкиллери менен биргеликте районлық мәлимлеме-китапхана орайында болды.

✅ Илаж даўамында нураныйлардың бай турмыслық тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда, жас әўладты китапқа меҳир оятыў руўхында тәрбиялаў ҳәм бул бағдарда китапхана менен биргеликте руўхый-ағартыўшылық илажларды және де жанландырыў мәселелери додаланды. Буннан тысқары халық, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, китапхананың бар китап фонды ҳәм китапқумарлар ушын жаратылған заманагөй шараятлар менен жақыннан танысылды.

✍️ Илаж соңында нураныйлар китапханадағы өзгерислерди жоқары баҳалап, халықтың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў бойынша өз усынысларын билдирип өтти.

Slide 1 of 6