35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

«Кеңес» АПЖ аймағында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди

«Кеңес» АПЖ аймағында пуқаралардың мүрәжатлары үйренилди

✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, үйме-үй жүрип сайлаўшылардың мүрәжатларин үйренди.

♻️ Ушырасыў даўамында депутат мәҳәлле белсендилери ҳәм тийисли шөлкем ўәкиллери менен биргеликте үйме-үй жүрип, пуқаралардың жасаў шараяты, аймақтағы инфраструктуралардың жағдайы ҳәм халықты кыйнап киятырған баслы мәселелер менен жақыннан танысылып, билдирилген пикир ҳәм усыныслар депутат тәрепинен жеке бақлаўға алынды ҳәм тийисли шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди.

✍️ Бундай ашық-айдын сәўбетлер ҳәм үйме-үй жүриў илажлары районның баска да аймақларында турақлы түрде даўам еттириледи.

Slide 1 of 3