Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутат сайловчилар билан учрашув ўтказди
янв.21
Депутатлар ва доимий комиссия аъзолари қонун ҳужжатлари билан таништирилди
янв.21
**Депутат мурожаатни атрофлича ўрганди**
янв.21
📌 Аҳоли мурожаатлари – доимий эътиборда
янв.21
Ногиронлиги бўлган шахсларни ижтимоий реабилитация қилиш масаласи муҳокама қилинди
янв.21
Камбағалликни қисқартириш ва бандликни таъминлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
“Маҳалла лигаси” спорт мусобақаларига старт берилди
янв.21
Депутат маҳалладаги ижтимоий соҳада олиб борилаётган ишлар билан танишди
янв.21
Кадрларни ишга жойлаштириш масаласи муҳокама қилинди 🏛
янв.21
📌 Ички йўлларни таъмирлаш ва сақлаш масалалари муҳокама қилинди
Шымбай  районында  «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди

Шымбай  районында  «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 2-апрель күнги «МЎЪТАБАР АЁЛ» кѳкирек белгисин енгизиў ис-илажлары ҳаққындағы 257-санлы Қарарына тийкар Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды турмысқа енгизиў,  ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм сиясий белсендилигин асырыў, тараўларда әмелге асырып атырған жемисли мийнетлери есапқа алынып 8-март – Халық-аралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Ержанова Зоя Оразбаевна  «МЎЪТАБАР АЁЛ» кѳкирек белгиси менен сыйлықланады.

Онда районымыздың нураный аналары, жәмийет турмысында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты. Илажға Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм сектор басшылары қатнасып, барлық ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили дәрежеде орны бар бизиң  районымыздың белсенди ҳаял-қызлары  ҳәр қашанғыдай байрам мүнәсибети менен бүгин де иззетте. 

Салтанатлы кешеде мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында белсендилиги, өзлериниң нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар  ҳаял-қызларымыз «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. 

Илаж Республикамыздан келген көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Slide 1 of 6