Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
cессия
янв.21
OBODLIK MAHALLADAN BOSHLANADI!
янв.21
Deputat tashabbusi
янв.21
https://t.me/Sox_Kengash_kotibiyat/1140
янв.21
saylovchilar bilan uchrashuv
янв.21
Мактаблар янги ўқув йилига тайёрми?
янв.21
Халқ депутатлари туман Кенгаши депутатлари тумандаги маркази шифохонадаги муаммоларни ургандилар
янв.21
МФЙдаги муаммолар ўрганилмоқда
янв.21
депутат ташаббуси билан ёшларни бўш вақтини мазмунили ташкил этиш
янв.21
депутат ижтимоий соҳа иситиш тизимини ўрганди
СЕНАТ БАСЛЫҒЫ БМШ БАС ХАТКЕРИНИҢ АРНАЎЛЫ ЎАКИЛИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРДИ

 Усы жылдың 16 сентябр күни Олий Мәжлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, БМШның Орайлық Азия ушын Превентив дипломатия бойынша регионлық орайы басшысы Каха Имнадзе
менен ушырасты.
Сəўбет даўамында Өзбекстан менен БМШ жəне оның структуралары арасындағы шериклик, аймақта тынышлық, қәўипсизлик ҳəм турақлы раўажланыўды тəмийинлеў бойынша биргеликтеги ыəрекетлер талықланды. БМШның Превентив дипломатия бойынша аймақлық орайы менен өз-ара шерикликтиң раўажланып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Трансшегаралық ресурслардан унемли
пайдаланыў, ҳаял-қызлар ҳəм жаслардың жәмийеттеги белсендилиги бойынша жөнелислер шеңбериндеги жойбарлар талықланды. Соның менен бирге, ушырасыўда 2025-жыл октябрь
айында Ферғана қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған биринши Ферғана
тынышлық форумына таярлық көриў мəселелерине итибар каратылды.
Буннан тысқары, Өзбекстан басшылығында болып
өтетуғын Орайлық Азия мəмлекетлери басшыларының 7-Мəсләҳəт ушырасыўы
шеңбериндеги бир қатар әҳмийетли
жөнелислер додаланды. 2026-жылда өткерилиўи режелестирилген Жас
парламент ағзаларының
12-глобал конференциясы туўралы да пикир алысыўлар болып өтти. Ушырасыўда гендер теңлигин тəмийинлеў, "БМШ-ҳаяллар" шөлкеминиң елшиханасын ашыў, ҳаяллар ҳуқықларын беккемлеў ҳəм
жаслар потенциалын көтериў бойынша басламалар ҳаққында да пикирлерин билдирди.
  

Slide 1 of 1