35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ózbekstan Respublikası Ǵárezsizliginiń 35 jıllıǵı" estelik belgisi tapsırıldı
янв.21
Bir Watan, bir xalıq bolıp, jańa turmıs hám keleshek jaratamız!
янв.21
Shomanay rayonıńda bayram ilajı milliy kórgizbeler menen baslandı
янв.21
Abadanlastırıw xızmetkerlerine bayram sawǵaları tapsırıldı
янв.21
Ǵárezsizlik bayramı qarsańında Shomanay shańaraqlıq medicina punkti paydalanıwǵa tapsırıldı
янв.21
Máhálle hayal-qızlar belsendisi tárepinen ámelge asırılıp atırǵan jumıslardıń nátiyjeliligi úyrenildi.
янв.21
Máhállede isbilermenlik jumısları úyrenildi.
янв.21
Máhálle infrastrukturasın rawajlandırıw - áhmiyetli wazıypalardıń biri.
янв.21
Deputat sociallıq taraw obyektlerinde.
янв.21
#162_Nızam úyreniw Nızam orınlanıwı ornına shıǵıp úyrenildi.
Баслы ўазыйпалар белгилеп алынды

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.

✅Мәжилисте Өзбекстан ХДП Шымбай Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары ҳәм партия белсендилери қатнасты.

📌 Мәжилис күн тәртибинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топарының 2026-жылға мөлшерленген Ис режесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 27-февральдағы "Мүтәж шахсларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы 88-санлы қарарының Шымбай районында орынлаыўы бойынша алып барылған жумысларды үйренип шығыў ҳәм усы мәселени Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

🔹Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери додаланды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4