“Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди
Ҳаял-қызлар - мәҳәллениң таяныш үстини. Олар шаңарақты беккемлеў, жасларды тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасыў арқалы жәмийеттиң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.
Жойбар шеңберинде ҳәр қыйлы тараўлар ўәкиллери мәҳәллеге келип, халықтың пикир-усынысларын ҳәм мүтәжликлерин үйренди ҳәм ҳаял-қызларымыз бенен жүзбе-жүз сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, медициналық тексериўлер, ҳуқықый мәсләҳәтлесиўлер ҳәм мәдений илажлар да өткерилди.
Олар тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша тийисли илажлар белгилип, сапластырыў шаралары көриледи.
"Мәҳәлледе бир күн" жойбары - мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар есигин ашатуғын әҳмийетли қәдем болып есапланады.