Нөкис районында қум-щебень (ШПС) төсеў жумыслары әмелге асырылмақта
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрьдеги "Қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлер көшелери және ишки хожалық жоллары инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы 665-санлы қарары тийкарында Нөкис районында 44 км топырақ жолларды қум-щебень (ШПС) араласпалы жолларға айландырыў белгиленген.
Ҳәзирги күнде Нөкис районы Абаданластырыў басқармасы тәрепинен «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қәллижағыс аўылына алып барыўшы 1,4км ишки жолды оңлаў ҳәм ЩПС төсеў жумыслары алып барылмақта.
Бул жумыслар 2025-жыл белгиленген реже тийкарында алып барылады.