Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, партия белсендилери ҳәм де басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы Ҳамза Абдижалиев мəмлекетимизде жасларға жаратылып атырған шараятлар, мүмкиншиликлер ҳәм жеңилликлер ҳаққында кеңнен түсиниклер берди.
Илажда бир қатар жаслар сөзге шығып жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти ҳәм өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.