Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 4-8-may kunlari hududlarda quyidagi tadbirlar rejalashtirilgan:
янв.21
📌 Haftalik dayjest Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 27-aprel – 1-may kunlari hududlarda amalga oshirilgan tadbirlar
янв.21
📍 Shovot tumanida ekologik nazorat kuchaymoqda!
янв.21
🏛 DEPUTAT SO‘ROVI NAZORATDA: ICHIMLIK SUVI ISROFIGA YO‘L QO‘YILMAYDI!
янв.21
📢 Maktablarda sog‘lom ovqatlantirish tizimi o‘rganildi
янв.21
🏫 Ta’lim sifati va intizom – deputatlar qat’iy nazoratida
янв.21
🚀 SHOVOTDA YANGI ISH O‘RINLARI YARATILMOQDA!
янв.21
TA’LIM VA VATANPARVARLIK TARBIYASI O‘RGANILDI
янв.21
♻️ TOZALIK — MUHIM MASALA!
янв.21
👩‍💼 Deputat tashabbusi
"ҚЫЗЫЛ ЖАР" МӘҲӘЛЛЕСИНДЕ ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

🟣 "ҚЫЗЫЛ ЖАР" МӘҲӘЛЛЕСИНДЕ ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

✅ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2025-жыл 27-сентябрьдеги 01-12/08-167-санлы реже-графиги тийкарында Мойнақ районы "Қызыл жар" аўыл пуқаралар жыйыны имаратында 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетованың ағзасы "Ҳәким ата" АПЖ  ҳәм "Қызыл жар" АПЖ аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўында 2025-жылдың III шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат берди.

🔰 Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августьтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы Қарары, усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат - Мойнақ магистрал суў тармақларын тартыў, Қоңырат - Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар, 2025-жыл 10-сентябрьдеги "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы ПП-163-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы Қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәниси ҳәмде президентимиздиң соңғы қарарларына тийкарланып, районымызда жаңадан салынып атырған қурылыс объектлериниң жумыс  барыслары ҳаққында түсиндирилди. 

➡️ Сөйлесиў даўамында "Ҳәким ата" АПЖ ҳәм "Қызыл жар" АПЖ аймағында жасаўшы сайлаўшылар тәрепинен аймақтағы бар машқалалар бойынша мүрәжатлар болып, усы мүрәжатларға түсиниклер берилди ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

✅ Сайлаўшылар депутат Б.Утамбетованың есабатын мақуллады.

Slide 1 of 1