Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
🚫 YOSHLAR SALOMATLIGI VA KELAJAGI — QAT’IY NAZORATDA!
янв.21
📌 Shovotda ta’lim infratuzilmasini rivojlantirish ishlari davom etmoqda
янв.21
📌 Tibbiyot muassasasida xizmatlar sifati o‘rganildi
янв.21
📌 SHOVOT TUMANIDA HUQUQIY TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
⚽️ Yoshlar sportga keng jalb etilmoqda
янв.21
🌳 Murojaat ijobiy yechim topdi
янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 25-26-may kunlariga mo‘ljallangan tadbirlar rejasi
янв.21
📌 XALQ DEPUTATLARI SHOVOT TUMANI KENGASHI 🗓 18–23-may | HAFTALIK DAYJEST
янв.21
⚠️ Farzandlar salomatligiga befarq bo‘lmaylik!
янв.21
🛒 Qo‘shko‘pir mahallasi erkin savdo va tadbirkorlik rivoji yo‘lida.
"Қаллыжағыс" аўылында жол оңлаў ҳәм газ тәмийнаты бойынша халықтың мүрәжатлары унамлы шешилди

"Қаллыжағыс" аўылында жол оңлаў ҳәм газ тәмийнаты бойынша халықтың мүрәжатлары унамлы шешилди

Алдынғы ушырасыўлар даўамында "Қаллыжағыс" аўылының турғынлары район ҳәкими З.Зайтовқа мүрәжат етип, аўылға алып барыўшы жолға шебен-қум қапламасы (ЩПС) төсеў мәселесин көтерген еди.

Бүгинги күнде усы мүрәжат тийкарында аймақты абаданластырыў, халық ушын қолайлы транспорт ҳәрекетин тәмийинлеў ҳәм жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде 1,4 километр ишки жол оңланды ҳәм оған ЩПС қурылды. Нәтийжеде халықты узақ ўақыттан берли қыйнап киятырған әҳмийетли инфраструктуралық машқала өз шешимин тапты.

Сондай-ақ, аўыл турғынлары тәрепинен билдирилген және бир әҳмийетли мәселе - суйылтырылған газ баллонларын өз ўақтында жеткерип бериў бойынша да әмелий илажлар көрилди. 

Халық тәрепинен билдирилген бундай мүрәжатлардың шешилиўи аймақта турмыс сапасының жақсыланыўына, пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға болған исениминиң артыўына хызмет етпекте.

Slide 1 of 10