Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 4-8-may kunlari hududlarda quyidagi tadbirlar rejalashtirilgan:
янв.21
📌 Haftalik dayjest Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 27-aprel – 1-may kunlari hududlarda amalga oshirilgan tadbirlar
янв.21
📍 Shovot tumanida ekologik nazorat kuchaymoqda!
янв.21
🏛 DEPUTAT SO‘ROVI NAZORATDA: ICHIMLIK SUVI ISROFIGA YO‘L QO‘YILMAYDI!
янв.21
📢 Maktablarda sog‘lom ovqatlantirish tizimi o‘rganildi
янв.21
🏫 Ta’lim sifati va intizom – deputatlar qat’iy nazoratida
янв.21
🚀 SHOVOTDA YANGI ISH O‘RINLARI YARATILMOQDA!
янв.21
TA’LIM VA VATANPARVARLIK TARBIYASI O‘RGANILDI
янв.21
♻️ TOZALIK — MUHIM MASALA!
янв.21
👩‍💼 Deputat tashabbusi
Мүнәсибет

Мүнәсибет

Мен, 6-Андижан сайлаў округинен Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты Бердахов Шарибай Абенович усы жылдың 4-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим. 

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим. 

Жылдың атына сай қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат бердим.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 3 мүрәжат келип түсти ҳәм олар тийисли мекеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге депутат сораўларын жибериў режелестирилди.

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округимдеги “Еркиндәрия” аўыл пуқаралар жыйыны “Мәкке аўыл" елатында балаларымыздың еркин спорт ойынлары ушын спорт майданшасы (газон) “Ашық бюджет” жойбарында қойылып, пуқараларымыздың белсене қатнасыўы нәтийжесинде жеңимпаз болды. Нәтийжеде халықты қыйнап киятырған машқалалардың бири өз шешимин тапты.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирди.

Сессия ҳәм комитетлер мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Шарибай БЕРДАХОВ,

6-"Андижан" сайлаў округинен депутат.