Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
PREZIDENT QARORI IJROSI: SHO‘RCHIDA 300 O‘RINLI YANGI MAKTAB BINOSI JIHOZLANMOQDA
янв.21
PREZIDENT QARORI IJROSI: OQQO‘RG‘ONDA YANGI MAKTAB BINOSI FOYDALANISHGA TOPSHIRILMOQDA
янв.21
Mahallabay ishlash – xavfsiz muhit va barqarorlik garovi
янв.21
NAZORAT VA TAHLIL: YO‘LLARDA INSON XAVFSIZLIGINI TA’MINLASH — DOIMIY E’TIBORDA
янв.21
MUROJAAT IJROSI: MUAMMOLAR JOYIDA HAL ETILDI
янв.21
Deputat nazorati: Maktabdagi sharoitlar, ta’lim sifati va obodonlashtirish ishlari e’tibor markazida
янв.21
Sho‘rchi tumanida tashabbusli budjet loyihalari ijrosi o‘rganilmoqda
янв.21
Sho‘rchi tumanida Ramazon oyida xayr-saxovat va ijtimoiy qo‘llab-quvvatlash ishlari izchil davom etmoqda
янв.21
Deputat tashabbusi bilan Hurlikda xayrli hashar
янв.21
“Deputat va sport: sog‘lom millat sari qadam”
ЕСАБАТ
Хожели районлық Кеңесинде экология һәм кадастр тарафларының басшыларының есабаты тыңланды. Есабатта су ресурсларын қорғау, нызамсыз шығындыханалар һәм жер участкалары менен имаратларга ҳуқықларды тән алу жумыслары аталды. Комиссия мүшелери пуқаралардың мүрәжатлары бойынша жуўап берди. Есабат бойынша басшылар қанағатланарлы деп табылып, районлық Кеңес сессия күн тәртибине киритиў усынысы мақулланды.Cocoon AI Summary

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери ҳәмде Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының қоспа мәжлиси өткерилди. Бул мәжлис күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги Хожели районы бөлими ҳәмде Кадастрлар палатасы Хожели районы филиалы басшыларының есабатлары тыңланды.

 Биринши есабатта Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги Хожели районы бөлими тәрепинен Хожели районында суў ресурсларын қорғаў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, нызамсыз шығындыханаға айланған орынларда тийисли сапластырыў жумысларын алып барыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбий ресурслардан үнемли пайдаланыў, нызам талапларының орынланыўы, экологиялық мәденияттын жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабаты тыңланды.

Оннан соң Кадастрлар палатасы Хожели районы филиалы басшысының Хожели районындағы өзбасымшалық пенен иелеп алынған жер участкалары ҳәм оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған ҳуқықларды тән алыў жумысларын шөлкемлестириўди тәмийинлеў мақсетинде алып барылып атырган жумыслары бойынша есабаты тыңланды.

Сондай-ақ, турақлы комиссия ағазалары тәрепинен пуқаралар тәрепинен көп мүрәжат етилетуғын сораўларға жуўаплар алынды.

Турақлы комиссияда есабаты тыңланған басшылардың қанаатландырарлы деп табылып районлық Кеңес сессия күн тәртибине киритиў усынысы мақулланды.

Slide 1 of 5