Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“O‘zbekiston – 2030” strategiyasini takomillashtirish: mazmun-mohiyat va amaliy ahamiyat
янв.21
Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo'yicha doimiy komissiya yig‘ilishida yoshlar bandligini ta’minlash masalasi muhokama qilindi
янв.21
O‘zbek tili — millat g‘ururi, Vatan faxri!
янв.20
Яна бир муаммо ижобий ҳал этилди.
янв.20
Аҳолининг ижтимоий муаммолари, ҳудуд депутати ва сектор раҳбарлари эътиборида
янв.20
Xalq deputatlari Shofirkon tumani Kengashining to‘qson uchinchi sessiyasi bo'lib o'tdi
янв.20
Shofirkon tumandagi “Qalmaqon” mahallasida xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Zulfiya Ashurova tomonidan targ'ibot ishlari olib borildi.
янв.20
Insonparvar  yurtimizda hech kim mehr va e’tibordan chetda qolmaydi
янв.20
XOTIRA VA QADRLASH MUQADDAS TUYG‘U!
янв.20
"Kumush tola"
#Мүнәсибет

Қарарға бола, 33 қала ҳәм районларға, соның ишинде, республикамыздың Қоңырат ҳәм Шымбай районларына «Жаңа Өзбекстан келбетиндеги район (қала)» статусы берилген болып, бул районлар халықтың жасаўы ҳәм исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын үлгили аймақларға айландырылады.

Президент қарары тийкарында, бул аймақлардың 14 ине 30 млрд сумнан, 18 ине 100 млрд сумнан ҳәм Нарын районы Шорариқ мәҳәллесине 10 млрд сум қаржы ажыратылады.

«Жаңа Өзбекстан келбетиндеги район (қала)» жойбары шеңберинде ҳәр жылы, соның ишинде, кеминде 50 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги инвестицияларды тартқан ҳалда азық-аўқат, мебель қурылысы, қурылыс материаллары, тигиўшилик ҳәм басқа да қәнигелескен бағдарларда кем дегенде 10 ири инвестициялық жойбарлар иске қосылады. Бурын өз өними менен сыртқы базарларға шықпаған кем дегенде 3-5 кәрхана экспорт искерлигине тартылып, сырт мәмлекетлерден технолог, маркетолог, бренд-менеджер сыяқлы қәнигелерди тартқан ҳалда кем дегенде 1 кәрханада миллий бренд өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады.

Сондай-ақ, усы аймақлардың ҳәр биринен 10 исбилермен сырт мәмлекетлерде өткерилетуғын қәнигелестирилген санаат көргизбелерине тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.

«Жасыл» ҳәм энергия нәтийжели аймақларды раўажландырыў шеңберинде болса, 2026-жыл 1-январьдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң имаратлары тек ғана энергия нәтийжелилиги принциплери тийкарында қурылады ҳәм модернизацияланады.

2027-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик уйымлар, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм социаллық тараў мәкемелери энергия нәтийжели үскенелер менен толық тәмийинленеди.

2026-жыл 1-марттан баслап усы аймақлардан биреўден социаллық тараў мәкемесиниң имаратларын «Ноль энергия жумсайтуғын имаратлар» концепциясы тийкарында модернизациялаў бойынша пилот жойбарлар басланады.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы шетки районларда 2 мәҳәллеге «Жаңа Өзбекстан келбетиндеги мәҳәлле” статусын берип, оларға қала орталығы ҳәм жасаў шараятларын алып кириў бойынша жаңаша қатнаслар әмелиятқа енгизиледи.


А.Садекова

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты