Yangiliklar

Тураклы комиссия мажилиси

2025-жыл 22-апрель күни район ҳәкимлигинде «Социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша турақлы комиссияның гезектеги жыйналысы болды.

Жыйналыс күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-июньдеги «Көп квартиралы үй-жайларды басқарыў системасын және де жетилистириў ҳаққындағы ПҚ-5152-санлы қарары тийкарында райондағы көп қабатлы жайларға «Тахтакөпир үй-жай хызмет» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылған жумысларды үйрениў мәселеси көрип шығылды. Жыйналыста турақлы комиссия усынысы менен қарардың орынланыўын үйрениўде аймақлардағы депутатлардан ибарат Исши топар дүзилди ҳәм оларға қарарды үйрениў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Slide 1 of 1