Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
QONUN IJROSINI TA’MINLASH — VATAN HIMOYASI VA YOSHLAR TARBIYASINING MUHIM OMILI
янв.21
YOSHLAR MASALALARI BO‘YICHA HAMKORLIK MUHOKAMA QILINDI
янв.21
SESSIYA OLDI O‘RGANISHLARI DAVOM ETMOQDA
янв.21
SESSIYA OLDI O‘RGANISHLARI
янв.21
YOSHLAR BANDLIGINI TA’MINLASH — USTUVOR VAZIFA
янв.21
Xalq deputatlari Sharof Rashidov tumani Kengashining navbatdagi doimiy komissiya yig'ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Fuqarolar uchun sayyor qabul o‘tkazildi
янв.21
Pastki So‘loqli mahallasida aholi bandligi bilan bog‘liq masalalar o‘rganildi
янв.21
IJTIMOIY REYESTRDAGI FUQAROLAR MUAMMOLARI O‘RGANILMOQDA
янв.21
Sog‘liqni saqlash sohasidagi holat sessiyaoldi o‘rganishlar doirasida o‘rganildi
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитети Президиумының 2026-жыл 3-апрельдеги Ҳ-4/3-санлы қарары тийкарында Шымбай районы «Қаракөл» МПЖ аймағында жайласқан 25-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Г.Ещанова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратов ҳәм де тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.

Slide 1 of 7