ДЕПУТАТЛЫҚ ТОПАР МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги Өзбекстан халық демократиялық партиясы депутатлық топарының мәжилиси болып өтти.
📌 Мәжилисте Нөкис районы газ тәмийнаты бөлиминиң 2024-жыл гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў режеси тийкарында әмелге асырылған иләжлары ҳәм 2025-жылда орынланыўы режелестирилген жумыслары ҳаққында районлық газ тәмийнаты бөлими баслығы Қ.Қайыпбергеновтың есабаты тыңланды.