Депутат сайлаўшыларға есабат берди
Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен тастыйықланған реже тийкарында 1- Қарабайлы сайлов округинен Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Бахыт Бегманов Шоманай районы «Қарабайлы» МПЖ аймағындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде сайлаўшылар менен ушырасып, 2025-жылдың I-шереги даўамындағы өз искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.
Ушырасыўда депутат Б.Бегманов халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирилип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңланды.