Мәмлекетимиз Президентиниң басшылығындағы мәжилисте жаслар мәселесине айрықша итибар қаратылды. Әсиресе, оларды билимлендириўге, кәсипке, шет тиллерине қызықтырыў, жәмлеспеген ҳәм өмир жолын таба алмаған жаслар менен системалы ислесиў - бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы екени атап өтилди. Халық ҳәм мәмлекет арасындағы беккем көпир - бул мәҳәлле. Мәҳәлледе тынышлық ҳәм турақлы орталықты тәмийинлеў, ҳәр бир баланың тәғдирине итибарлы қатнаста болыў бәринен бурын мәҳәлле жетекшилери ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң ўазыйпасында. Президентимиздиң атап өткениндей, "Баланың жаманы болмайды" - оларға исеним, меҳир, дурыс жол көрсетиў керек. Биз, мәмлекетлик хызметкерлер, ҳәр бир жастың арзыў-нийетлерин тыңлаўға, оларға шараят жаратыўға, олардың ертеңги күнине меҳир менен қатнас жасаўға жуўапкермиз.
Халык депутатлары Мойнак районлык кенеси депутаты У.Урынбаева