Yangiliklar

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының 2025-жыл ушын белгилеген ис-режесине муўапық февраль айында республика бойлап Балалар музика ҳәм көркем өнер мектебинде билим сыпаты ҳәм жаратылған шараят, имканиятлар үйрениў ҳәм жамиетшилик еситиўди шөлкемлестириў белгиленген. Соннан келип шыққан ҳалда партия Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси депутаты Аметова Назира Муратбаевна, Партияның Бозатаў районлық Кеңеси баслығы Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты Ибрагимов Азиз ҳәм усы тараў қанийгелеринен ибарат исши-топар Бозатаў районы 20-санлы Балалар музика ҳәм көркем өнер мектебинде болып ислеп шығылған сораўнама тийкарында мектептиң ишки имканияты, оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бағдарындағы искерлиги көрип шығылып, усыныслар үйренилди.

Slide 1 of 1