Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
#_Kengash_raisi_faoliayti #_deputat_faoliyati #_24_ta_masala Aholi murojaatlari o‘rganildi
янв.21
#_kotibiyat_mudiri_faoliayti #_deputat_faoliyati #_24_ta_masala #_okrugdagi_o'rganish #_kotibiyat_xodimi_faoliyati Kuz-qish mavsumiga tayyorgarlik: elektr ta’minoti holati o‘rganildi
янв.21
#_deputat_faoliyati #_24_ta_masala Ustozlar — yurt e’zozi va ta’lim taraqqiyoti tayanchi
янв.21
#_yoshlar_masalaht_guruhi_faoliyati #_doimiy_komissiya_faoliyati
янв.21
#_deputat_faoliyati #_24_ta_masala “Ma’rifat karvoni” — ma’naviyat va ma’rifat sari ezgu qadam
янв.21
#_Kengash_faoliayti Xalq deputatlari tuman Kengashining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
#_deputat_faoliyati #_24_ta_masala #_ish_reja_ijrosi #_kotibiyat_xodimi_faoliyati #_Biriktirlgan_tashkilot_faoliyati_tahlili Maktabgacha va maktab ta’limi tizimi deputatlar nazoratida
янв.21
#_deputat_faoliyati #_24_ta_masala #_okrugdagi_o'rganish Shohjahon mahallasida kambag‘allikni qisqartirish, aholi bandligini ta’minlash va daromadlarini oshirish bo‘yicha xatlov jarayonlarining haqqoniyligi joyiga chiqqan holda o‘rganildi
янв.21
#_deputat_faoliyati #_24_ta_masala #_okrugdagi_o'rganish #_kotibiyat_xodimi_faoliyati Aholi murojaatlari — deputat nazoratida
янв.21
#_deputat_faoliyati Sariosiyoda zamonaviy texnikalar yordamida paxta terimi jadallik bilan davom etmoqda
Дийқанларымыздың жыл бойы еткен мийнетин бир айда зая етпей жыйнап алыў зәрүр!

 Дийқанларымыздың жыл бойы еткен мийнетин бир айда зая етпей жыйнап алыў зәрүр!

⚡️Пахта – әпиўайы аўыл хожалығы ѳними емес, ал санаат, экономика ҳәм күнделикли турмысымыздың ҳәр қыйлы тараўларында қолланылатуғын стратегиялық әҳмийетке ийе шийки зат есапланады. Оны бийкарға «ақ алтын» деп атамайды. Ѳйткени, шигитли пахтадан алынатуғын барлық ѳним толық қайта исленип, аўыл-хожалығының барлық тараўларында нәтийжели пайдаланып келинбекте.

«Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қудайберген-Гүлдана» фермер хожалығының пахта майданларында кѳргизбели-семинар болып ѳтти. Оған район ҳәкими Н.Ещанов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы ОюТолыбеков ҳәм де районымызға бириктирилген ўәкиллер, илимпазлар, нураныйлар, районымыздағы фермер хожалығы баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

⚡️Кѳргизбели-семинарда сѳз алған район ҳәкими Н.Ещанов быйылғы жылдың зүрәәти ушын районымыздағы186 фермер хожалығы  5500 гектар майданға пахтаның «Қытай» ҳәм жергиликли сортларын егип, жыл даўамында оларға барлық агротехникалық қағыйдаларға сай тәрбия жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде пахтаның толық ашылып, териў алдында турғанлығын ҳәм дийқанларымыздың жыл бойы еткен мийнетин жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жыйнап алыўға ҳәммемиз бирдей ат салысыўымыз зәрүрлиги айрықша айтып ѳтти. Сондай-ақ, ол ѳз сѳзинде районымызға быйыл жаңадан 6 дана пахта териў машинасы алып келингенлигин айтып, жәми 8 пахта териў машинасы жәрдеминде пахтаны атызларда қалдырмастан териў илажлары кѳрилип атырғанлығын айтып ѳтти.
⚡️Буннан соң сѳзге шыққан нураныйлар – Ж.Турдышев, А.Назаров ҳәм Р.Жумамуратовалар да дийқанларымыздың он бир ай даўамында еткен мийнетин зая етпей бир айдың ишинде аўызбиршиликли түрде жыйнап алыўдың әҳмийети ҳаққында айтып ѳтти. Ал, Қарақалпақстан дийқаншылық илимий изертлеў институты илимпазлары – У.Айтжанов ҳәм О.Нағметовлар болса пахтаның ѳзимиздиң ықлым шараятымызға сәйкес сортларын егиў, ѳнимди жыйнап алыўға дейинги барлық басқышларды избе-изликте алып барыў, дефолиация жумысларын ѳз ўақтында алып барыў ҳәм де пахтаның жаңа «Шымбай-5060» сортының бизиң ықлым шараятымызға сәйкеслиги ҳәм абзаллықлары жѳнинде айтып ѳтип, атызлардағы ѳнимди сепситпей жыйнап алыў бойынша ѳзлериниң усынысларын билдирип ѳтти.
⚡️Сондай-ақ, илажда сѳз алған «Айтжан тѳре» фермер хожалығы баслығы О.Тѳреев пахтаны жыйнап, терип алыўда қол мийнетине қарағанда пахта машиналары менен териўдиң абзаллықлары, оны алыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳаққында айта отырып, пахтаны шийки зат түринде емес, ал кластер усылында қайта ислеп сатыўдың пайдасы жѳнинде де ѳзиниң пикирлерин билдирди. Буннан соң жасы үлкен нураныйлар дуўаға қол жайып, дийқанларымыздың қырманының бәлент болыўын тиледи.

Соңынан пахта машиналары атызға түсип, аппақ болып ашылып турған пахталарды ѳз қушағына алып, терип баслады. Усылайынша районымызда пахта-жыйын теримине старт берилди.

Slide 1 of 5