Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ijro hokimiyati va mahalliy Kengash deputatlar o‘rtasida o‘zaro hamkorlik
янв.21
Hududni ijtimoiy-iqtisodiy rivojlantirish deputat nazoratida
янв.21
Deputatlar tomonidan nazorat tadbirlari o‘tkazilmoqda
янв.21
Sariosiyo dehqon (oziq-ovqat) bozori va bozorga tutash hududlarini tartibga keltirish hamda obodonlashtirish ishlari davom etmoqda
янв.21
Yoshlar-bizning kelajagimiz
янв.21
Sariosiyo tumani FV boʻlimi yongʻin-qutqaruv qismining yangi binosini foydalanishga topshirilidi.
янв.21
Mahalla yettiligiga kunlik topshiriq va vazifalar belgilab berildi
янв.21
“O‘zbekiston – 2030” strategiyasining takomillashtirilgan loyihasi jamoatchilik muhokamasidan o‘tkazilmoqda
янв.21
#census_2026
янв.21
“Yangi O‘zbekiston” massivida olib borilayotgan qurilish ishlar o‘rganildi
Мүнәсибет

ӨЗБЕКСТАН – ПАКИСТАН РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ АЛДЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни Исламабад қаласына мәмлекетлик сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен биргеликтеги бизнес форумында қатнасты.

Илажда еки мәмлекеттиң 300 ден аслам жетекши санаат кәрханалары ҳәм саўда компаниялары, тармақ шөлкемлери және исбилерменлик структураларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының бул сапары еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик орнатылғанының бес жыллығы мүнәсибети менен өткерилип атырғанын айрықша атап өтилди.

Бул ўақыт ишинде өз-ара саўда көлеми 2,5 есеге өсип, дерлик 500 миллион долларға жетти, қоспа кәрханалар ҳәм жойбарлардың саны болса дерлик үш есеге артты. Мақсет жақын келешекте саўда айланысын 2 миллиард долларға жеткериў болып есапланады. Сол себепли, жеңиллетилген саўда шәртнамасы бойынша усыныс етилип атырған өнимлерди сезилерли дәрежеде кеңейтиў керек екенлиги айтип өтилди.

Буннан тысқары, еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўи керек болған Өзбекстан-Пакистан Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында келисимге ерисилди.

Бул өз гезегинде еки мәмлекет исбилерменлери ушын үлкен имканиятлар жаратыўы сөзсиз.

Сондай-ақ, ушырасыўда Транспорт ҳәм логистика тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. «Трансаўған» темир жолының қурылысын жеделлестириў ҳәм Пакистан-Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан транспорт коридорын раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА,

4-санлы "Кеңес" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы.

Slide 1 of 1