Қараөзек районы аймағында “Жасыл мәкан” акциясы шеңбериндеги илажларға нураныйлар, районлық Кеӊес депутатлары ҳәм сиясий партиялар ўәкиллери қатнасты. Ғалабалық илажға қатнасыўшылар елимиз абаданлығына үлес қосыўды нийет етип, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды. Бундай илажлар районымыз аймағында қызғын даўам етпекте.