Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Ishtixon tuman Kengashi faoliyati va joylashgan binosi ko‘zdan kechirildi
янв.21
Deputat maktabgacha ta'lim muassasasidagi qurilish ishlari bilan tanishdi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI PAXTACHI TUMANI KENGASHI KOTIBIYATI FAOLIYATI O‘RGANILMOQDA
янв.21
Davlat dasturlari ijrosi Kengash nazoratida
янв.21
Davlat dasturlari ijrosi deputatlik nazoratida
янв.21
Samarqandda oliy ta’lim muassasalari nogironligi bo‘lgan shaxslar uchun qulaylik darajasi o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Smarqand viloyati shahar va tuman Kengashlari kotibiyatlari mudirlari hamda mutaxassislari ishtirokida 30-iyun kuni navbatdagi tanqidiy-tahliliy yig‘ilish o‘tkazildi.
янв.21
⚡️ DEPUTAT SO‘ROVIGA JAVOB
янв.21
Haftalik ish rejalari belgilandi
янв.21
Deputat so‘rovi yuborildi.
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Мен, 1-санлы “Жылўан
жап” сайлаў округынан Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Назокат
Нышанова усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз
сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен
ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында
елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын
социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў,
инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм
қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық
депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар,
олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў
ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып
барылды.
 

Ушырасыўда усы
жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти
жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы
ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық
қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири
даўамында сайлаўшылардан жәми 17 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири
үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер
шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы
бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, ишимлик
суў, бəнтлик мәселеси унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға
шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және
де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар
даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды
кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў,
халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге
асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап
өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи,
сайлаў округим аймағындағы қурылыс-коммуникация сыяқлы әҳмийетли машқалалар
басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў,
олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы
бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен
бирге, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы
комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып,
партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық
мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет
етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де
сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең
үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың
нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады.
 

  

  

 Назокат Нышанова, 

 1-“Жылўан жап” сайлаў округынан Халық
депутатлары
Кегейли районлық
Кеңеси депутаты