Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 4-А.Төрешов сайлаў округи депутаты Б.Ниетуллаев Есим мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте пуқаралар қабыллаўы өткерилди. Онда пуқаралар тәрепинен социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм таза ишимлик суўы бойынша мүражатлар билдирилип, депутат тәрепинен түсиник жумыслары алып барылып орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды.