Новости

Последние новости

янв.21
Yoshlar bilan uchrashuv
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining agrar, qurilish, kommunal sohalar, ekologiya, sanoat va transport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Energiya samaradorligini ta’minlash va energetika sohasini rivojlantirish
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport va transport masalalari bo‘yicha doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Targ‘ibot tadbirlari davom etmoqda
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari kutubxonada
янв.21
Deputat mahallada
янв.21
Deputatlar mahallada
янв.21
Saylovchilar bilan chrashuv
янв.21
“2026-2030-yillarga mo‘ljallangan Bolalarni zo‘ravonlikning barcha shakllaridan himoya qilish strategiyasini tasdiqlash to‘g‘risida”gi Farmoni qabul qilindi.
Мүнәсибет

 Мүнәсибет 

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2025-жыл 6-майдағы “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен Кеңес тексериўин өткериў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен Кеңес тексериўин өткериў тәртиби тастыйықланды. 

 Кеңес тексериўи — тийисли аймақтың қәўипсизлигине, турақлы раўажланыў тийкарларына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын фактлер менен ўақыяларды үйрениў мақсетинде өткерилиўи мүмкин болған жергиликли Кеңестиң айрықша тексериў түри болып есапланады. 

 Кеңес тексериўин өткериў нызамлылық, қалыслық, ашық-айдынлық, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳүрмет етиў принциплерине тийкарланады. 

 Оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлардың, сорастырыў ҳәм тергеў уйымларының, судлардың ис жүргизиўиндеги белгили ислерди ҳәм материалларды, сондай-ақ, орынлаў ис жүргизиў ҳәм нотариал ис жүргизиўдиң белгили материалларын көрип шығыў менен байланыслы жумыс Кеңестиң тексериў объекти болыўы мүмкин емес. 

 Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, ғалаба хабар қуралларында ямаса интернет тармағында жәрияланған мағлыўматлар, қадағалаўшы ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматлары, депутатлардың усыныслары Кеңес тексериўин өткериў ушын тийкар болады. 

 Депутат (ямаса депутатлар топары) — жергиликли Кеңес депутатларының кеминде үштен бир бөлеги қоллап-қуўатлаған жағдайда, жергиликли Кеңестиң турақлы комиссиясы, жергиликли Кеңестеги партия топары, ўәлаят, район, қала ҳәкими, Олий Мажлис палаталары, Министрлер Кабинети жергиликли Кеңеске Кеңес тексериўин өткериў ҳаққында усыныс киргизиўи мүмкин. 

 Жергиликли Кеңес Кеңес тексериўи жуўмақлары бойынша лаўазымлы шахсты жуўапкершиликке тартыў, оларды лаўазымынан азат етиў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларға, Министрлер Кабинети ямаса Олий Мажлис Сенатына усыныслар киргизиўи, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге нызамшылық ҳүжжетлериниң, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, өзлерине жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялардың әмелге асырылыўы нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажлар көриў бойынша усыныслар киргизиўи мүмкин. 

 Сондай-ақ, Кеңес тексериў жуўмақлары бойынша таярланған материалларды ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға өз ўәкилликлерине муўапық көрип шығыў ушын жибериўи, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузыў жағдайлары ямаса нызам ҳүжжетлерин бузыўдың басқа жағдайлары мәлим болып қалған жағдайда оларға тезлик пенен шек қойыў илажларын көриў талабы менен тийисли мәмлекетлик уйымларға ҳәм шөлкемлерге және лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиўи, Кеңес тексериў нәтийжелерин жәриялаўы мүмкин. 

 Бул қарар менен өз гезегинде жергиликли Кеңеслер, олардың турақлы комиссиялары ҳәм партия топарларынан және де белсенди болыўы талап етиледи. 

Махмуд Есенгелдиев, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты.  

Slide 1 of 1