Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мәҳәллелер жумысларын тәртипке салыўға байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 334-санлы қарары тийкарында «Мәҳәлле жетилиги» халық пенен ушырасып, 2025-жылдың үшинши шерегинде аймақты социал-экономикалық раўажландырыў, камбағаллықты қысқартыў ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, көшелерди абаданластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди.
Есабат бериў жыйналысында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиевлер қатнасты.
Ушырасыў даўамында «Мәҳәлле жетилиги» тәрепинен сайлаўшылардың мүрәжатлери ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.