Новости

Последние новости

янв.21
Deputat hududda: Yoshlarning yozgi ta’tili qanday tashkil etilmoqda?
янв.21
Mahalliy Kengashlar faoliyatida yangi samarali boshqaruv mexanizmlari joriy etilmoqda
янв.21
Xalq deputatlari Uzun tumani Kengashi kotibiyati bosh mutaxassisi U.Toshboyev "Serxarakat" mahallasida bo‘ldi
янв.21
Mahallada hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Mahalla boshqaruvi samarali tashkil etiladi
янв.21
Kotibiyat mudiri O‘.Rajabov davlat dasturlari ijrosini joyiga chiqib o‘rgandi
янв.21
Hokim va Deputat Muloqoti: Fuqarolar Murojaatlari E’tiborda!
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi deputatlari Uzun tumanidagi bitiruvchilarga diplomlarni tantanali ravishda topshirdilar.
янв.21
Xalq deputatlari Uzun tumani Kengashining 13-17-iyul kunlari amalga oshirilishi rejalashtirilayotgan ishlari haqida tanishing:
янв.21
Aholi bandligi to‘g‘risida"gi O‘zbekiston Respublikasi Qonuni
Мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы ағзалары тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли үйрениўлер – мәмлекетимизде социаллық сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири - халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм халық пенен жақыннан пикирлесиўге қаратылғаны менен айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ҳәм Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги партия топары ағзаларының қатнасыўында алып барылып атырған үйрениў жумыслары – орынлардағы машқалаларды тыңлаў ҳәм оларға әмелий шешимлер усыныс етиўге қаратылған әҳмийетли әмелий илаж болып есапланады.

Қоңырат районындағы "Бесқала" мәкан пуқаралар жыйынындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм белсендилери менен ушырасыўда олардың искерлиги, аймақтағы машқалалар ҳәм олардың шешими, сонын менен бирге, халықты социаллық қорғаў барысында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша пикир алысты. Бул процессте, пуқаралардың пикир ҳәм машқалаларын тыңлаў, оларға шешим табыўда әмелий жәрдем бериў, жергиликли дәрежедеги социаллық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў партиямыздың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Партиямыздың бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапық халық пенен пикирлесиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Үйрениў нәтийжелери тийкарында ислеп шығылатуғын усыныс ҳәм жуўмақлар тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил мәмлекетимиз көлеминде социаллық қорғаўды және де нәтийжели жолға қойыўға хызмет ететуғыны анық.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан сайланған депутат сыпатында биз бул бағдарда әмелий илажлар алып барып, халқымыздың абаданлығына қаратылған реформаларды және де тереңлестириўде белсендилик пенен қатнасамыз.


Елмуратов Батырбай Куатбаевич – Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қоңырат районлық кеңеси баслығы

Slide 1 of 1