Новости

Последние новости

янв.21
Tuman Kengashi va "Madad" muassasasi: Aholiga huquqiy koʻmak berishda hamkorlik kuchaytiriladi.
янв.21
YOSHLAR MASLAHAT GURUHI TUMAN TASHKILOTLARI FAOLIYATI BILAN YAQINDAN TANISHDI
янв.21
24 ta tavsiya amalda: Deputatlar yangi maktab qurilishi jarayonini ko‘zdan kechirdi
янв.21
“Xalqparvar” komissiyasi nazoratda: Uzun tumanida “Ochiq budjet” loyihalari ijrosi oʻrganilmoqda
янв.21
"Beshkapa" mahallasida mahalla yettiligi hamkorligi ko‘zdan kechirildi
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
Xalq manfaati yo‘lida: Fuqarolar qabuli va saylovchilar bilan ochiq muloqot
янв.21
Xalq deputatlari Uzun tumani Kengashiga 18-Oqostona saylov okrugidan saylangan deputat Azamjon Kamolov 2026-yilning ikkinchi choragi yakunlari bo‘yicha saylovchilarga axborot berdi.
янв.21
Uzun tumani Kengashi Yoshlar maslahat guruhi a’zolari harbiy qismda oʻtkazilgan “Eng faol harbiy kitobxon” tanlovida ishtirok etishdi
янв.21
DEPUTAT NAZORATI: "Ochiq budjet" loyihalari ijrosi o‘rganildi
Мүнәсибет

Мүнәсибет

Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

Мен, 11-“Н.Даўқараев” сайлаў округинен Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты Отамбетова Ҳурлиман Қазахбаевна 2025-жылдың өткен дәўири даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшыларға есабат бердим ҳәм бир қатар қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси түсиндирилди. 

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарары менен жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында газ ҳәм электр ушын компенсация төленеди. Жанылғы-энергетика тараўында халықтың мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды. Енди кем тәмийинленген шаңарақларға жылдың ҳәр айында газ ҳәм электр энергиясы ушын мәмлекет тәрепинен компенсация бериледи.

Қарар 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрелге шекем әмел етеди ҳәм төмендеги категориядағы шаңарақларды қамтып алады, яғный, социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген, кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген, еки реестрде болмаса да, мүлки аз ҳәм ҳәр бир шаңарақ ағзасына туўры келетуғын айлық дәраматы 1 миллион сумнан аз болған шаңарақлар.

Электр энергиясы бойынша компенсация муғдары ҳәр айда 200 кВт саат базалық нормадан артық жумсалған 150 кВт саатқа шекемги бөлеги ушын белгиленеди. Ал, табийғый газ бойынша ноябрь-февраль айларында базалық 500 куб метр нормадан артық пайдаланылған 250 куб метрге шекемги бөлеги ушын, басқа айларда болса 150 куб метрге шекемги артықша сарпланған табийғый газ ушын белгиленеди. 

Компенсация тәртибинде мәмлекет тәрепинен усы базалық нормадан асқан тутыныў ушын белгиленген жоқары тариф ҳәм базалық тариф арасындағы парық қаплап бериледи.

Әҳмийетли өзгешелиги болса, алдын бул жеңилликлер тек қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) әмел еткен болса, енди ҳәр айда, жыл даўамында қолланылады.

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.

Отамбетова Ҳурлиман Қазахбаевна,

11-“Н.Даўқараев” сайлаў округинен

Халық депутатлары Қанлыкөл

районлық Кеңеси депутаты