♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депуталық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа оқыў жылына таярлықлары менен жақыннан танысты.
✅ Илаж даўамында оқыўшыларды керекли сабақлықлар ҳәм методикалық қолланбалар менен толық тәмийинлеў, сондай-ақ, жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысылды. Буннан тысқары оқыў классларының, лабораториялардың ҳәм спорт залының жаңа оқыў жылына таярлығы көзден өткерилди.
✍️ Илаж жуўмағында депутат А.Утепбергенова оқыў орнында анықланған айрым кемшиликлерди сапластырыў, оқыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша мектеп хызметкерлерине тийисли усынысларын берди.