♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депуталық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, аймақта алып барылып атырған шембилик жумысларында қатнасты.
✅ Илаж даўамында аймақтағы орайлық көшелер, салмалар, пиядалар жоллары шығынды ҳәм жабайы шөплерден тазаланып, тереклерге ислеў берилди. Сондай-ақ, шембилик даўамында депутат аймақ турғынлары менен сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлады.
✍️ Илаж жуўмағында депутат аймақта тазалық ҳәм тәртипти сақлаўда бундай жәмийетлик жумыслардың әҳмийети жоқары екенлигин атап өтип, алдағы ўақытта бундай илажларды турақлы түрде шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.