35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Новости

Последние новости

янв.21
Budjet intizomi va nazorat: Termiz shahar Iqtisodiyot va moliya bo‘limi faoliyati tahlil qilindi
янв.21
Deputatlik faoliyati tahlil qilindi
янв.21
“Majnuntol” mahallasida ichki yo‘llar holati o‘rganildi
янв.21
“Majnuntol” mahallasida fuqarolar qabuli o‘tkazildi
янв.21
“Mahalla yettiligi” faoliyati — deputatlik nazoratida: “Majnuntol” mahallasida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
Fuqarolar murojaatlari — deputatlik nazoratida
янв.21
“Mahalla yettiligi” faoliyati — deputatlik nazoratida
янв.21
Imtiyozli kreditlar samaradorligi — deputatlik nazoratida
янв.21
Qonun ijrosi va mahalla faoliyati deputatlik nazoratida
янв.21
Navbatdagi sessiya oldidan muhim masalalar muhokama qilindi
Шымбай районында инклюзив орталықты беккемлеўге қаратылған акция өткерилди

Шымбай районында инклюзив орталықты беккемлеўге қаратылған акция өткерилди

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен «Гүжимли» МПЖ аймағында жайласқан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 43-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген нуқсаны бар коррекцион класта оқып атырған оқыўшылардың социаллық белсендилигин қоллап-қуўатлаў, олардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийетте инклюзив орталықты беккемлеў мақсетинде "Имканият шекленбеген" акциясы өткерилди

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-санлы «Қ.Аўезов» сайлаў округи депутаты, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, партия топары ағзасы А.Утепбергенова ҳәм ӨзХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар қатнасты.

✅ Акция шеңберинде коррекцион классларда оқып атырған майыплығы болған балалар тәрепинен таярланған әмелий көркем өнер үлгилери, миллий тигиншилик буйымлары, сүўретлеў өнери шығармалары, кестешилик ҳәм басқа да дөретиўшилик жумыслардан ибарат көргизбе шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында майыплығы болған балалардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў, олардың дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ушын теңдей имканиятлар жаратыў — бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен екени айрықша атап өтилди.

📌 «Имканият шекленбеген» акциясы районда инклюзивлик орталықты раўажландырыў, өзгеше итибарға муҳтаж балалардың социаллық бейимлесиўин тәмийинлеў ҳәм олардың инталарын қоллап-қуўатлаў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдем болды. Көргизбеге қойылған дөретиўшилик жумыслар оқыўшылардың шексиз потенциалын ҳәм жоқары уқыбын айқын көрсетип берди.

Slide 1 of 7