Новости

Последние новости

янв.21
Korrupsiyaga qarshi keskin kurash: Bandlik va kambag‘allikni qisqartirish tizimida qonun ijrosi hamda shaffoflik masalalari muhokama qilindi
янв.21
Qonun ijrosi va ijtimoiy himoya nazoratda: "Jayhun" mahallasida mas’ullar faoliyati tahlil qilindi
янв.21
#Deputat_faoliyati (https://t.me/xalq_deputatlari_termiz_shahar_k) #DeputatDaftari
янв.21
Tinchlik va xavfsizlik nazoratda: "Jayhun" mahallasida profilaktika inspektori faoliyati tahlil qilindi
янв.21
Deputat va tashkilot hamkorligi: Termiz shahar Kambag‘allikni qisqartirish va bandlikka ko‘maklashish bo‘limi faoliyati o‘rganildi
янв.21
"Mehrobod" mahallasida “24 ta eng muhim yo‘nalish” doirasida deputatlik nazorati o‘tkazildi
янв.21
Deputat mas’uliyati — nazoratda: Sustkashlikka yo‘l qo‘ygan xalq vakillari faoliyati keskin muhokama qilinadi!
янв.21
#huquqiy_axborot_soati #162_qonun
янв.21
#hatalik_ish_reja 🗣Xalq deputatlari Termiz shahar Kengashining haftalik ish rejasi (2026-yil 6-iyul–10-iyul )
янв.21
#hafta_dayjesti 🇺🇿Xalq deputatlari Termiz shahar Kengashining 29-iyun–3-iyul kunlari amalga oshirilgan ishlar sarhisobi
Қурылыс материаллары тармағын жаңа басқышқа алып шығыў - экономикалық раўажланыў ҳәм халықтың абаданлығының әҳмийетли факторы

 Қурылыс материаллары тармағын жаңа басқышқа алып шығыў - экономикалық
раўажланыў ҳәм халықтың абаданлығының әҳмийетли факторы
 

  

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген қурылыс материаллары санаатын буннан
былай да раўажландырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгиленген
тийкарғы ўазыйпалар елимиз экономикасының стратегиялық бағдарларын буннан былай
да жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе.
 

Мәжилисте қурылыс материаллары тараўын тек ғана өним ислеп шығаратуғын тармақ емес, ал
қурылыс тараўын сапалы, бәсекиге шыдамлы ҳәм заманагөй шешимлер менен
тәмийинлейтуғын системаға айландырыў ўазыйпасы қойылғаны айрықша итибарға
ылайық. Бул қатнас мәмлекетимизде қурылыс тараўын пүткиллей жаңа басқышқа алып
шығыў менен бирге, жергиликли санааттың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет
етеди.
 

Әсиресе, кейинги он жылда тараўға 12 миллиард доллар инвестиция тартылып, 4 мыңнан аслам
заманагөй кәрханалар иске қосылғаны, бүгинги күнде қурылыс материалларының 98
проценти елимизде ислеп шығарылып атырғаны әмелге асырылып атырған
реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бул тек ғана импорттың орнын
басыў емес, ал экспорт потенциалын кеңейтиў ушын да беккем тийкар жаратпақта.
 

Мәжилисте инвестициялардың нәтийжелилигин арттырыў, ҳәр бир аймақтың имканиятларынан
келип шыққан ҳалда жойбарларды қәлиплестириў, жергиликли ислеп шығарыўшылар
ушын ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларда теңдей бәсеки шараятын
жаратыў бойынша берилген тапсырмалар исбилерменлик орталығын буннан былай да
жақсылаўға хызмет етеди. Бул болса жергиликли ислеп шығарыўшылардың ишки
базардағы абырайын беккемлеў менен бирге сыртқы базарларға шығыў имканиятларын
да кеңейтеди.
 

Президентимиз тәрепинен энергияны үнемлейтуғын қурылыс материалларынан кеңнен пайдаланыў,
қурылыста заманагөй технологияларды енгизиў, халықаралық сапа стандартларын
кеңнен енгизиў бойынша белгиленген ўазыйпалар бүгинги глобал экономикалық
шараятта оғада әҳмийетли болып есапланады. Себеби энергия нәтийжелилиги тек
ғана экономикалық үнемлеў емес, ал экологиялық турақлылық ҳәм халықтың турмыс
сапасын арттырыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады.
 

Экспорт географиясын кеңейтиў, қоңсы мәмлекетлер базарында жергиликли қурылыс
материаллары ҳәм таяр қурылыс шешимлерин алға қойыў бойынша берилген
тапсырмалар да жаңа имканиятлар есигин ашады. Бул арқалы қурылыс материаллары
менен бир қатарда мебель, үй текстильи, турмыслық үскенелер сыяқлы бир қатар
тараўлардың да экспорт потенциалының артыўына тийкар жаратылады.
 

Ең әҳмийетлиси, мәжилисте инвестиция сапасы, жергиликли өнимлерди қоллап-қуўатлаў,
энергия нәтийжелилиги, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм
халықаралық стандартларды енгизиў мәселелери бир-бири менен тығыз байланыслы
ҳалда көрип шығылды. Бул болса экономика тармақларын комплексли раўажландырыўға
қаратылған избе-из мәмлекетлик сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады.
 

Усы мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы орынланыўы қурылыс материаллары санаатын жаңа
басқышқа алып шығатуғыны, аймақларда жаңа жумыс орынларының жаратылыўына,
халықты сапалы ҳәм арзан турақ жай менен тәмийинлеўге, елимиздиң экспорт
потенциалын және де арттырыўға ҳәм Жаңа Өзбекстанның турақлы экономикалық
раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғынына гүман жоқ.
 

  

Аяпберген РАМЕТОВ, 

Өзбекстан ХДП Қанлыкөл
районлық кеңеси баслығы