Новости

Последние новости

янв.21
Shomanay rayonın 2026-jılda kompleksli sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw máseleleri dodalandı
янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
Мүнәсибет

Наўқыран Самарқанд қаламыз бул рет БМШтың билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – UNESCO сессиясына басшылық етпекте. Мәмлекетимиз басшысы Одри Азуле ханым менен сөйлесиўде мәмлекетимиз буннан былай да UNESCOның исенимли
шериги ҳәм ағзасы болып қалатуғынын атап өтти. Ушырасыў соңында халқымыздың әййемги тарийхы, бай мәдений мийрасын, миллий қәдирият, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў, мәмлекетимиз тәрепинен алға қойылған басламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қосқан мүнәсип үлеси ушын шөлкемниң бас директоры Одри Азуле “Дўстлик” ордени менен сыйлықланды.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы UNESCOның 43-сессиясының ашылыў мәресиминде қатнасты ҳәм бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды. 

Бул басламалар бүгинги инсаният раўажланыўының ең әҳмийетли мәселелерин қамтып алғаны итибарға ылайық. Атап айтқанда, айрықша
жәрдемге мүтәж балалар ушын инклюзив билимлендириўди раўажландырыўға қаратылған жаңа UNESCO платформасын жаратыў усынысы, тек ғана социаллық теңлик емес, ал инсаныйлық қәдириятлар жоқары дәрежеде сәўлеленген баслама болып есапланады.
Бул баслама жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, экономикалық белсендиликти күшейтиў, заманагөй кәсип ийелери әўладын тәрбиялаў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
 

Буннан тысқары, жасалма интеллект мектеби ҳәм “Жасалма интеллект этикасы” бойынша халықаралық конференция шөлкемлестириў басламалары алға қойылды. Бул бағдардағы Өзбекстанның позициясы заманагөй дүньяда илим ҳәм технологияларды мәнаўият
пенен үйлестириў жолындағы өзине тән тәжирийбе болыўы мүмкин. Себеби, мәлимлеме әсиринде инсаният алдында турған ең үлкен сораўлардан бири – технологияларды адамгершилик принциплери тийкарында басқарыў мәселеси болып есапланады. Президентимиз алға қойған бул пикирлерди инсанды орайға қойған сиясаттың әмелий көриниси сыпатында баҳалаў мүмкин.
 

Әсиресе, Президентимиздиң ҳаял-қызлардың жетекшилиги ҳәм имканиятларын кеңейтиўге қаратылған глобаллық бағдарлама, сондай-ақ, Самарқандта ҳаял илимпазлар, художниклер, оқытыўшылар ҳәм ойлап табыўшылардың глобаллық форумын өткериў усынысы бизди қуўандырды. Президентимиздиң басламасы менен бул мәселеге глобал көлемде итибар қаратылып атырғаны – теңлик ҳәм әдиллик
принциплериниң гендер контекстинде де қарар таўып атырғанынан дерек береди.
 

Бул басламалардың ҳәр бири – Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин және де беккемлейтуғын, инсан қәдири, әдиллик, раўажланыў ҳәм тынышлық идеяларын үгит-нәсиятлайтуғын бағдарлар болып есапланады. Соны мақтаныш пенен айтыў керек,
Өзбекстан бүгин тек ғана реформалар орайы емес, ал глобал қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў орайына айланып бармақта. UNESCOның Самарқандтағы сессиясы буның айқын дәлийли болмақта.
 

Бул халықаралық әнжуманның көп тәреплеме тарийхый деп тән алынып атырғаны бийкарға емес. Соңғы 40 жыл ишинде UNESCO сессиясы биринши мәрте Парижден тысқарыда, Орайлық Азияда болса биринши мәрте шөлкемлестирилмекте. Соның ишинде, усы жылы шөлкемге тийкар салынғанының 80 жыллығы усы шеңберде белгиленбекте. 

Қатнасыўшылардың көлеми де соған сәйкес – 200 ге шамалас мәмлекеттен 6 мыңнан аслам мийман мирәт eтилген. Атап айтқанда, UNESCO бас директоры Одри Азуле ханым да келген. Бул сессияның бул рет БМШтың билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми Орайлық Азияда, Өзбекстан Республикасы Самарқанд қаласында өткерилиўи мәмлекетимиздиң глобаллық көлемде тән алынған инсаныйлық сиясаты, билимлендириў, мәденият ҳәм илим тараўларын раўажландырыў жолындағы избе-из ҳәрекетлериниң нәтийжеси екенлиги тән алынады. 

6-«Андижан» сайлаў округи депутаты Ш.Бердахов