Новости

Последние новости

янв.21
Shomanay rayonın 2026-jılda kompleksli sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw máseleleri dodalandı
янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
"Саламатлыққа қарай" жойбары шеңберинде медициналық көрик акциясы өткерилди

 "Саламатлыққа қарай" жойбары шеңберинде медициналық көрик акциясы өткерилди 

Бүгин, ӨзЛиДеП Бозатаў районлық Кеңеси тәрепинен "Саламатлыққа қарай" жойбары шеңберинде халықты медициналық тексериўден өткериў бойынша акция шөлкемлестирилди. Илаж Бозатаў районы медицина бирлеспеси менен биргеликте әмелге асырылды. 

Бул илаждың тийкарғы мақсети - халықтың саламатлығын беккемлеў, соның ишинде, ҳаял-қызларды профилактикалық тексериўлерден өткериў арқалы олардағы саламатлық жағдайын ерте басқышта анықлаў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм зәрүр медициналық мәсләҳәтлер бериўден ибарат. 

Акция шеңберинде пуқараларға бийпул медициналық тексериў хызметлери көрсетилди. Көрик процесинде тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен түрли бағдарларда тексериўлер өткерилип, ҳәр бир қатнасыўшыға индивидуал медициналық мәсләҳәтлер берилди. 

2025-жыл 9 ай жуўмағы менен скринингдан өтиўи керек болған ҳаяаллар саны 923 содан скрингдан өткенлер 923-100% өтти. 35-55 ҳаяаллар арасинда жатир мойны раги
менен
содан скринингдан өтиўи керек болған ҳаяаллар саны 1638 содан скрингдан скрингдан өткенлер 1638 -100%.  

Бозатаў районы көп тармақлы поликлиникасида тәр шыпакер канигел жетиспеушилиги себепли косимша Шымбай РМБ онкологи Мадреймов Ерназар Даулетназарович 0,25 ставкада ислеп атир, 2025-жыл режеге тийкар Цтатционарлык,амблаторялык емлеу илажрары амелге асырылди. Компьютерида Д-Мед программаси бар диспансер
назоратида турган наукслар
сони-62. 9 ай дауамында бирлемши аныкланганлар 12.Дыспансер есаптан шыгарылганлар 9.15 си РИО хам РИАТМ КРФ
жыберилген.
соннан 31 хаял кызлар-50% тууыу жасындаги хаяаллар 6- 19,3%, 18 жаска шекемги баллар 2-3,2% 

Илаж халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медициналық мәдениятты арттырыў ҳәм саламатлыққа болған итибарды күшейтиўге қаратылған.  

Slide 1 of 1