Новости

Последние новости

янв.21
Ichki yo‘llarni saqlash va joriy ta’mirlash ishlari o‘rganildi
янв.21
Oqbuloq mahallasida asfaltlashtirish ishlari boshlandi
янв.21
“Fuqarolar sog‘lig‘ini saqlash to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
Paxtakor tumanida ta'lim muassasalarining tayyorgarlik holati o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tumani Kengashi faoliyatini takomillashtirish masalalari muhokama qilindi
янв.21
Bog‘ishamol mahallasidagi xavfli holat o‘rganildi
янв.21
"Ta’lim to‘g‘risida"gi Qonun ijrosi yuzasidan yig‘ilish o‘tkazildi
янв.21
“Deputat yon daftari” — muammolarni tizimli yechimga aylantirish vositasi
янв.21
Deputatlik so‘rovi yuborildi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tumani Kengashi deputatlari U.Safarov va K.Mamanova Paxtakor mahallasida joylashgan 12-sonli umumta’lim maktabida bo‘lib, yoshlarning yozgi ta’tilini mazmunli va samarali tashkil etishga qaratilgan “Dolzarb 90 kun” tadbirlarini yuqori darajada o‘tkazish chora-tadbirlari doirasida faoliyat yuritayotgan ingliz tili to‘garagi bilan tanishdilar.
Мүнәсибет

 Мен, 25-“Сәбик” сайлаў округынан Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси
депутаты Жақсылық Таңатаров усы жылдың 6 айы даўамында белгиленген график
тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар
менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли
демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл
етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды
комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша
түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм
жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген
тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты
социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 6 мүрәжат келип түсти. Олардың
ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және
жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың
тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, “Сәбик” МПЖ аймағындағы 6 км ишки жолларға қум-шебень
араласпасы төсеп берилди ҳәм де усы аймақтағы Сақшылар, Туран ойпаты, Минара
көшелерине түнги жақтыландырыў шырақлары тийисли шөлкемлерге депутат сораўы
жиберилиўи арқалы мәселе унамлы шешим табылды. Сонын менен бирге, социаллық
қоллап-қуўатлаўға мүтәж 4 шаңараққа азық-аўқатлық өнимлери берилди.
Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм
турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған
реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан
қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў
бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип
атырғанын айрықша атап өтти.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессиялары,
турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы
қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған
социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине
хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм
усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў
және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары
болып қалады.
 

  

  

Жақсылық Таңатаров,

25-“Сәбик” сайлаў округынан

Халық депутатлары Хожели районлық
Кеңеси депутаты