Новости

Последние новости

янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tumani Kengashi hamda Paxtakor tumani adliya bo‘limi hamkorlikni davom ettirmoqda
янв.21
Fuqarolar bilan ochiq muloqot o‘tkazildi
янв.21
Bogʻishamol mahallasi hududida joylashgan Pedagogika texnikumida olib borilayotgan qurilish ishlari o‘rganildi
янв.21
Yo‘l masalasi yuzasidan murojaat ko‘rib chiqildi
янв.21
“PAXTAKOR TEKS” MChJ faoliyati bilan tanishildi
янв.21
Maktabgacha ta’lim muassasasi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Oliy Majlis deputati Suvonobod mahallasida mahalla yettiligi bilan uchrashdi
янв.21
Oliy Majlis deputati Paxtakor tumanidagi INNO markaz faoliyati bilan tanishdi
янв.21
12-son umumta’lim maktabida olib borilayotgan basalt qoplama ishlari o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tuman Kengashi deputati Mirzayev Sherzod tomonidan deputatlik so‘rovi yuborildi.
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты 

 Мен, 15-“Дослық байрағы” сайлаў округынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Убайдуллаева Алима усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.  

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, сбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық
мағлыўмат берилди. Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 13 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық
басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте. Соның ишинде, Шоманай районы Кетенлер АПЖ аймағында Азат макан елатлы пунктинде жасаушы пуқаралардың ауыз суў бойынша еткен мәселеси унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти. Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти. Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы машқалалар
унамлы шешилип ҳәмде мәмлекетимизден әсиресе хурметли журт басшымыздан разы екенлиги машқалалар унамлы шешилиўлери әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта. Соның менен бирге, халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен. Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады. 

 15-“Дослық байрағы” сайлаў округынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Убайдуллаева Алима