Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен "Кеңес" басланғыш партия шөлкеми аймағында “Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик” акциясы өткерилди.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Утепбергенова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар тәрепинен усы аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған шахслардың ҳал жағдайларынан хабар алды ҳәм олардың машқалалары үйренилди.
Илаж соңында депутат А.Утепбергенова тәрепинен усы аймақтағы орын алған машқалалар үйренилип, шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.