Новости

Последние новости

янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Кегейли тумани фермерлари кенгаши Раёсати аъзоларининг МУРОЖААТИ
янв.21
KEGEYLIDEN AWǴANSTAN RESPUBLIKASÍNA EKSPORT JOLǴA QOYÍLDÍ.
янв.21
Mámleketlik bajını tólewden azat etiledi
янв.21
KEŃES PREZIDIUMI SHÓLKEMLESTIRILMEKTE.
янв.21
BIZ KÚTKEN NIZAM
янв.21
ALDAWSHILARǴA JOL JOQ
янв.21
«MADAD» MÁMLEKETLIK EMES KOMMERCIYALÍQ EMES ShÓLKEMI JERGILIKLI KEŃES PENEN BIRGE ISLESIWI BEKKEMLENBEKTE.
янв.21
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ ДЕПУТАТЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
МЕКТЕП ИНФРАСТРУКТУРАСЫ ҲӘМ ИМКАНИЯТЛАР ДОДАЛАНДЫ

МЕКТЕП ИНФРАСТРУКТУРАСЫ ҲӘМ ИМКАНИЯТЛАР ДОДАЛАНДЫ

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшылары менен ушырасты.

✅ Илажда соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, устазлардың социаллық статусын көтериў ҳәм жас әўлатқа заманагөй билим бериў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисине тоқталып өтилди. Сондай-ақ, мектептиң материаллық-техникалық базасы, оқыў бөлмелериниң заманагөй үскенелениў жағдайы, оқыўшылар ҳәм устазлар ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар кеңнен додаланды. Оқытыўшылар тәрепинен мектепте билимлендириў сапасын еле де арттырыў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.

✍️ Илаж соңында депутат А.Утепбергенова мектеп жәмәәти тәрепинен көтерилген мәселелерди үйренип шығыў ҳәм оларды унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көрилиўин айтип өтип, жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаўда пидакерлик пенен хызмет етип атырған устазлардың жумысларына табыслар тиледи.

Slide 1 of 3