Новости

Последние новости

янв.21
ПАХТАГА ҚЎШИМЧА ИШЛОВ БЕРИНГ ВА ҲОСИЛИНГИЗГА ҲОСИЛ ҚЎШИНГ!
янв.21
ЯЛПИ МАЖЛИСИДА ЭНГ МУҲУМ ИЖТИМОИЙ МАСАЛАЛАР КЎРИБ ЧИҚИЛДИ.
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Кегейли тумани фермерлари кенгаши Раёсати аъзоларининг МУРОЖААТИ
янв.21
KEGEYLIDEN AWǴANSTAN RESPUBLIKASÍNA EKSPORT JOLǴA QOYÍLDÍ.
янв.21
Mámleketlik bajını tólewden azat etiledi
янв.21
KEŃES PREZIDIUMI SHÓLKEMLESTIRILMEKTE.
янв.21
BIZ KÚTKEN NIZAM
янв.21
ALDAWSHILARǴA JOL JOQ
Депутат_мәҳәлледе

Бүгин «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Депутат мәҳәлледе" жойбары өткерилди. 

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 4-санлы «Кеңес» сайлаў округи депутаты А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен өткерилген ушырасыў даўамында аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар келип түскен еди. Атап айтқанда, “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйыны аймағы орайлық көшелерине жаңадан ишимлик турмағын қурып бериў ҳәм де аймақтағы Бирликли ел ҳәм Механизатор көшелериниң жәми 0,6 км аралығы қум тас (ЩПС) араласпасын төсеп бериў мәселесинде мүрәжат етти.

Бүгинги күнде усы жиберилген сораўларға тийкар, «Кеңес» АПЖ орайына жәми 7,2 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармақларын қурыў жумыслары алып барылмақта. Буннан тысқары Бирликли ел ҳәм Механизатор көшелериниң ишки жолларына қум тас араласпасы төселип, оңлаў жумыслары алып барылатуғын болды.

Илаж соңында аймақ турғынлары өзлериниң миннетдаршылықларын билдирдип өтти

Slide 1 of 7