Новости

Последние новости

Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлими жумысы үйренилди

Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлими жумысы үйренилди

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутатлары К.Насыровалар ҳәм У.Уринбаева Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлиминде болып районда жаслар сиясатын әмелге асырыў, жаслар менен алып барылып атырған жумыслар ҳәм әмелдеги ис-иләжлардың орынланыў жағдайы үйренилди.

Үйрениў даўамында Мойнақ районлық Жаслар ислери бөлиминиң жумыс режелери, жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелери, оларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар ҳәм жаслардың бос ўақытын мазмунлы өткериў бойынша алып барылып атырған жумыслар көзден өткерилди.

Сондай-ақ, жаслар арасында кәсипликке бағдарлаў, жумысқа жайластырыў, спорт ҳәм мәдений ис-илажларға тартыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды. Анықланған мәселелер бойынша тийисли усыныслар берилип, алдағы ўақытта әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардың мәплерин қорғаў бойынша жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Slide 1 of 1