♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 4-санлы "Кеңес" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенованың өз сайлаў округинда жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда депутат А.Утепбергенованың 2025-жылдың I-ярым жыллығы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
🔹Сондай-ақ, ушырасыўда депутат А.Утепбергенова халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.