Новости

Последние новости

янв.21
Халқ депутатлари Фурқат туман Кенгашининг навбатдаги сессиясида бир қатор масалалар кўриб чиқилди
янв.21
Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining VII chaqiriq 8-sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Халқ депутатлари Фурқат тумани Кенгашининг VII чақириқ 7-сессияси бўлиб ўтди
янв.21
Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining navbatdagi oltinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining navbatdagi beshinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining navbatdagi to‘rtinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Халқ депутатлари Фурқат тумани Кенгаши раиси ва бир гурух депутатлар истеъфодаги ҳарбий хизматчини байрам билан табриклади.
янв.21
Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining navbatdagi ikkinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Yettinchi chaqiriq Xalq deputatlari Furqat tumani Kengashining birinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Халқ депутатлари Фурқат туман Кенгашининг сессиясида муҳим масалалар муҳокама қилинди.
Мунасибет

Мүнәсибет.

Партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар- Парламентлерара Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы күн тәртибинде. 

Ҳақыйқатында да партиямыздың сайлаўалды дәстүринде электоратымыз болған кем тәмийинленген шаңарақларды, майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың жасаў, мийнет етиў, билим алыў, медициналық хызметтен пайдаланыў сыяқлы хызметлерден пайдаланыў ҳуқықын тәмийинлеў белгиленген болса, Конституциямызда мәмлекетимиз тәрепинен нызамшылықта киритилген нормалардың әмелде қолланылыўын қадағалаў мәжбүрияты белгиленген.

2025-жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өткен Парламентлерара Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясында Мәмлекетимиз басшысы, ҳүрметли Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде «Өзбекстанды социаллық мәмлекет» деп жариялап, халықтың ҳәр тәреплеме қорғалыўын тәмийинлеўди сиясатымыздың әҳмийетли бағдары етип белгилениўи, сондай-ақ, бүгинги Ассамблеяда «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» атамасында өткерилиўин атап өтти.

 Президент өз сөзинде бүгинги күнде ўәкиллик органлары раўажланыў мақсетлерине ерисиў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў ҳәм камбағаллықты қысқартыў, гендер теңликти тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өз ўазыйпаларын үлкен жуўапкершиликти алғанлығын итибарға алғанлығын айрықша атап өтти.

Президент шығып сөйлеген сөзинде Ассамблея қатнасыўшыларына төмендеги усынысларды билдирди :

-қоңсы Афғанстанның халықаралық майданда жеккеленип қалыўына жол қоймаў, әмелдеги мәмлекет пенен конструктив байланыс орнатыў, Афғанстанға Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги сыпатында қараў; -

-ықлым өзгериў мәселеси Ассамблея күн тәртибиндеги ең баслы мәселелерден болыўы; 

-Өзбекстан Республикасының усынысы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Азия мәмлекетлеринде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық, сиясый-ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитар белсендилигин арттырыў ҳаққында»ғы резолюциясын қоллап-қуўатлаў;

- Парламентлерара Аўқам шеңберинде Жаслар парламентлери глобал платформасын шөлкемлестириў ҳәм оның шөлкемлестириў Форумын Өзбекстанда өткериў;

-усы жылы сентябрь айында мәмлекетимизде болып өтетуғын камбағаллықты қысқартыўға бағышланған халықаралық конференцияда мәмлекетлериңиз парламентлери ўәкиллериниң белсенди қатнасыўы.

     Партиямыз тәрепинен алға сүрип атырған мақсетлер, идеялар, сондай-ақ, партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген мақсетлер бүгин мәмлекетимизде өткерилип атырған Халықаралық әнжуманларда қоллап-қуўатланыўы-бул бизиң партиямыз тәрепинен Президентимиздиң, мәмлекетимиздиң алып баратырған сиясатындағы жетискенликлери деп ойлайман.

Өзбекстан ХДП Парламентлерара Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы күн тәртибинде көрип шығылған мәселелер ҳәм Президентимиз тәрепинен алға сүрилген усынысларды қоллап-қуўатлаған ҳалда бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўда партия белсендилери, депутатлар менен биргеликте жумыслар алып барады деп исеним билдиремен. 

Жалиев Қабылбек,

Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты

Slide 1 of 1