Новости

Мәмлекетимиздиң экономикасының раўажланыўы-исбилерменлердиң искерлигинде

 Президент Шавкат
Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи:  

халықшыл сиясат ҳәм
реформалар себепли мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында исеним көпири бой
тиклеп, мисли көрилмеген нәтийжелерге ерисилди, исбилерменлер Жаңа Өзбекстанның
тийкары, жаңаланыўлардың белсенди таянышына айланды. "Сизлер менен
болатуғын ҳәр бир ушырасыў, сөйлесиў маған айрықша қуўаныш, керек болса,
күш-ғайрат бағышлайды.Себеби, сизлердиң тымсалыңызда мен Жаңа Өзбекстанды қурыў
бағдарында алып барып атырған жумысларымыздың әмелий нәтийжеси ҳәм
жетискенликлерин көремен.Бүгин биймәлел айта аламыз, мәмлекетимизде киши ҳәм
орта бизнес "реформалар катализаторы"на айланды. Буны сиз - исбилерменлер
жараттыңыз. Буннан мақтансаңыз арзыйды.Ҳеш нәрседен қорықпаң, умтылыў ҳәм
излениўден шаршамаң, тек ғана алға, үлкен шеклерге қарай исенимли қәдем таслаң! 

Жаңа Өзбекстанның
раўажланыўын, келешегин тәмийинлейтуғын күш - бул исбилерменлер. Мәмлекетимизди
бай ететуғын күш - бул исбилерменлер. Халқымыз, шаңарақлардың турмысын абадан
ететуғын күш - бул исбилерменлер." "Бизнес бирлеспелери қанша көп
болса, исбилерменлердиң даўысы сонша бәлент еситиледи. Соның ушын, өз тараўының
жанкүйери болған ең алдыңғы 10 бизнес ийелери бирлесип, әтирапына жас
исбилерменлерди жыйнап, изинен ертип, оларға бизнес сырларын үйретсе, жаңа
билим ҳәм технологиялар алып кирсе, исбилерменликтеги көп машқалаларды бизнес
жәмийетшилигиниң өзи шеше алатуғын болады.Бундай жолдан барып, исбилерменлерге
жәрдемши болатуғын бирлеспелерди бәрқулла қоллап-қуўатлаўға таярман" деди
мәмлекетимиз басшысы.Олардың анық нәтийжеге қаратылған бағдарламалары,
жойбарлары ҳәм илажларын қаржыландырыў ушын ҳәр жылы 10 миллион доллар
ажыратылады.Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен тиккелей
сөйлесип, олардың қосымша усыныслары менен пикирлерин тыңламақта."Атыздан
дастурханға шекем" принципи тийкарында санитария, ветеринария ҳәм карантин
уйымларының азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги бойынша қадағалаў-лаборатория
функциялары бирден-бир системаға бирлестирилип, толық санластырылады.Енди
исбилерменлер мәкемеден-мәкемеге сергиздан болмастан, барлық ҳүжжетлерди
"бир айна" принципи тийкарында бир жерден алатуғын болады.Бул ишки
базарды сапалы өнимлер менен толтырыў ҳәм жергиликли кәрханалардың дүнья
базарларына шығыў имканиятларын арттырады.Президент исбилерменлеримизде
мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм биржа саўдаларында қатнасыў бойынша да көплеген
сораўлар топланып қалғанын атап өтип, жақын арада бул мәселеге пуқта таярлық
көрилип, барлық машқалаларға шешимлер берилетуғынын атап өтти.Мәмлекетлик
уйымлар ҳәм тәбийғый монополия субъектлери менен шәртнама дүзиўде
исбилерменлердиң ҳуқықларын теңдей қорғаўдың жаңа механизми енгизиледи.Онда,
барлық үлги шәртнама жойбарлары Бизнес-омбудсман, Әдиллик министрлиги ҳәм
Бәсеки комитети тәрепинен мәжбүрий экспертизадан өткериледи."Барлық
реформаларымыз тийкарында, ең дәслеп, инсан қәдири, исбилерменлеримиздиң
мәплери жатыр. Соның ушын суд еркинлигин тәмийинлеў бойынша қатаң сиясат алып
барамыз. Бүгинги исбилермен, бул - кешеги исбилермен емес. Олардың ҳуқықый
саўатлылығы артқанын судларға мүрәжат көбейгенде де көриў мүмкин".Енди
исбилерменлер экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға экстерриториал тәртипте
мүрәжат етиўи мүмкин болады. Судлардың материаллық зыянды өндириў бойынша
қарарларының орынланыўы кешиккен жағдайлар бар екенлигине итибар қаратылды. Негизинде,
өндирилиўи керек болған қарыздарлықтың ҳәр бир кешиккен күни исбилерменниң
зыянына ислемекте.Соның ушын халықаралық тәжирийбе тийкарында
"астрент" системасы енгизиледи. Бунда материаллық зыянды қаплаў
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын қарыздар есабынан пеня өндириў суд қарарында
анық белгилеп қойылады.Президентимиз қай жерде нызам үстем болса, сол жерде
бизнес раўажланыўы, инвестициялық орталық тартымлы болатуғынын атап
өтти.Мәмлекетимизде исбилерменлер класы қәлиплесип үлгерди. Олар тек ғана
исбилермен емес, экономика тармақлары, аймақлардың раўажланыўына үлкен үлес
қосып атырған белсенди инвесторларға айланбақта.Сондай-ақ, дәстүрий
инвестициялар менен бирге венчур, бонд, краудфандинг, стартап сыяқлы заманагөй
инвестиция қураллары да жедел раўажланбақта. "Дурыс, бизде инвестициялық
қатнасықларды тәртипке салыў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға
шараятлар жаратыў бойынша жүзлеген ҳүжжетлер бар. Булардың ҳәммесин тиккелей
әмел ететуғын бирден-бир нызамға бирлестирип, Инвестициялық кодексти қабыл етиў
ўақты келди. Бул ҳүжжет инвестиция тараўындағы барлық қағыйда, кепиллик ҳәм
тәртип-қағыйдаларды бир системаға салып, инвестицияларды хошаметлеўге хызмет
етеди. Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңеси бизнес орталықты жақсылаў бойынша
қарарлар таярлаўда белсендилик көрсетип келмекте. Парламентимиз жаңа кодексти
ислеп шығыўда Жәмийетлик кеңес пенен тығыз бирге ислессе, бул да үлкен нәтийже
береди".Еки жыл алдын айланбадан салық төлеўшилердиң бухгалтериясын
салықшы жүргизетуғын система жаратылды. Бундай хызметлердиң көлеми кеңейтиледи.
Келеси жылдан жер, мүлк, социаллық ҳәм дәрамат салықлары есабатларын
қәлиплестириў бойынша исбилерменлердиң миннетлемеси бийкар етиледи. Бул
есабатларды салықшылардың өзи бийпул толтырып береди. Исбилерменлер болса 5
күнде есабатқа дүзетиў киргизиўи мүмкин болады. Есабатты кешиктиргени ушын киши
ҳәм ири бизнес бирдей жәрийма төлемекте, ең жаманы - ҳәр бир есабат түри ушын
өз алдына жәрийма бар. Салық комитетине 1-ноябрьден баслап усынылмаған ямаса
кешиктирилген салық есабатлары нешеў болыўына қарамастан, бирден-бир жәрийма
қолланатуғын система жаратыў тапсырылды. Онда киши бизнес ушын жәриймалар
муғдары 3 есеге азайтылады. Ашық сөйлесиўлерди өткериў басланғанында тийкарғы
мүрәжатлар салық ставкаларын түсириў менен байланыслы болар еди. Тараўда үлкен
өзгерислер исленди. Буны халық ҳәм исбилерменлер арасында өткерилген сораўлар
нәтийжеси де тастыйықлап атыр: олардың 79 проценти кейинги бес жылда бизнести
қоллап-қуўатлаў бойынша шараят сезилерли дәрежеде жақсыланғанын айтқан. Бирақ,
исбилерменлерден салық админстративлиги бойынша орынлы сораўлар түспекте. Әмелдеги
тәртипке муўапық, жыллық айланбасы 10 миллиард сумнан асқан кәрханалар пайда
салығы бойынша аванс төлегени ушын айланба қаржыдан қыйыншылық жүзеге келмекте.
Сол себепли, енди бул тәртип тек ғана жылына 20 миллиард сумнан жоқары айланба
ислейтуғын кәрханалар ушын әмел ететуғыны жәрияланды.Нәтийжеде 14 мыңға шамалас
исбилерменниң ықтыярында қосымша 1 триллион сумлық айланба қаржы қалады. Быйыл
банклер исбилерменлик жойбарлары ушын 6 миллиард доллар ресурс алып келмекте.
Банклер келеси жылы әйне киши ҳәм орта исбилерменликти мақсетли қоллап-қуўатлаў
ушын қолайлы шәртлерде айрықша 1 миллиард доллар ресурс тартады. Сондай-ақ,
Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы "чемпион исбилермен"лерди
көбейтиў ушын банк арқалы жойбарларға 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген
кредит береди. Өндирис, сервис, жасыл экономика жойбарлары ушын 500 миллион
сумға шекем коммерциялық кредитлер компания тәрепинен қайта қаржыландырылады.
Нәтийжеде ҳәр жылы 100 мыңнан аслам исбилерменлер алатуғын кредит проценти 6
процентке шекем төменлейди. Алдынғы кредити бойынша компаниядан кепиллик алып,
төлемди ўақтында төлеген исбилерменлерге жаңа кредитлер ушын кепиллик муғдары
1,5 есеге арттырылады. Енди ири исбилерменлер де компаниядан 10 миллиард сумға
шекем кепиллик алыўы мүмкин болады. Быйыл банклер исбилерменлик жойбарлары ушын
6 миллиард доллар ресурс алып келмекте. Банклер келеси жылы әйне киши ҳәм орта
исбилерменликти мақсетли қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шәртлерде айрықша 1
миллиард доллар ресурс тартады. Сондай-ақ, Исбилерменликти раўажландырыў
компаниясы "чемпион исбилермен"лерди көбейтиў ушын банк арқалы
жойбарларға 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит береди. Өндирис,
сервис, жасыл экономика жойбарлары ушын 500 миллион сумға шекем коммерциялық
кредитлер компания тәрепинен қайта қаржыландырылады. Нәтийжеде ҳәр жылы 100 мыңнан
аслам исбилерменлер алатуғын кредит проценти 6 процентке шекем төменлейди. Алдынғы
кредити бойынша компаниядан кепиллик алып, төлемди ўақтында төлеген
исбилерменлерге жаңа кредитлер ушын кепиллик муғдары 1,5 есеге арттырылады. Енди
ири исбилерменлер де компаниядан 10 миллиард сумға шекем кепиллик алыўы мүмкин
болады. Бүгинги күнде Өзбекстанда 600 ден аслам стартаплар жумыс алып бармақта.
Сегиз жыл бурын олардың саны бармақ пенен саналатуғын еди. «Итибар бериң, жети
айдың өзинде стартапларға рекорд муғдарда - 264 миллион доллар сырт ел
инвестициясы келди. Бул 2024-жыл даўамында кирген инвестициялардан 4 есеге көп.
Сол себепли стартапларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды және де
жеделлестиремиз". Жаслардың 1 мың стартап идеясы коммерцияластырылады ҳәм
соннан 200 и халықаралық базарға алып шығылады. Ең алдынғы технологиялар алып
келинип, 100 жергиликли стартап халықаралық көлемде тартымлы бизнеске
айландырылады. Оған 100 миллион доллар бериледи. Усы жылдан баслап, "Жас
исбилерменлер" чемпионаты өткериледи. Ең жақсы 100 идея таңлап алынып, ҳәр
бир стартап ушын 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи. Бул жойбарларды
брендке айландырыў ушын финанслық ҳәм маркетинг хызметлери бойынша
экспертлердиң қәрежетлери қаплап бериледи. "Жеңимпазларды 20-август -
Исбилерменлер күнинде сыйлықласақ, жас исбилерменлерге бул да үлкен мотивация
болады, деп ойлайман"- деди мәмлекет басшысы. Президентимиз бизнести
қоллап-қуўатлаўдың ең әҳмийетли инструменти финанслық хызметлер екенин атап
өтти. Жақсы жойбарларға қаржы излеп атырған исбилерменлер көп, инвестиция
киргиземен, дегенлер де жетерли. Әмелдеги тәртипке муўапық, жуўапкершилиги
шекленген жәмийетлер инвестиция киргизип атырған шахсты шөлкемлестириўши етип
алыўға мәжбүр. Бирақ, буған ҳәмме де келисе бермейди. Сол себепли ресурс
бойынша тийкарғы жүклеме елеге шекем банклерге түсип атырғаны көрсетип өтилди. Енди
жойбарға әпиўайыластырылған тәртипте қаржы тартыў бойынша инвестициялық
платформа иске қосылады. Онда барлық кәрханалар өз жойбарын бул платформаға
жайластырады, потенциаллы инвесторлар болса қәлеген жойбарды таңлап, инвестиция
киргизиўи мүмкин болады. Ең әҳмийетлиси, инвестор шөлкемлестириўши емес, үлес
ийеси сыпатында дәраматқа шерик болады, киргизген қаржысы кепилликли қорғалады.
Исбилерменлер бул жаңа система арқалы жылына қосымша 1 миллиард доллар қаржы
тартыў имканиятына ийе болады. Жеке меншик медицинада топланған үлкен
тәжирийбе, жаңа технологиялар, маман кадрлар исбилерменлер ушын бул тараўдың
тартымлылығын арттырып, сапаны жақсылаўға түртки бермекте. Буны жети жылда жеке
меншик клиникалар 3,5 мыңнан 8,5 мыңға көбейгенинде де көриў мүмкин. "Сизлер
менен бирге Өзбекстанды региондағы жоқары технологиялы медицина хабына
айландыратуғынымызға исенемен. Буның ушын және қандай шараят керек болса,
барлығын ислеп бериўге таярман", - деди Президентимиз. 

Атап айтқанда,
шегара аймақларында клиника, реабилитация орайы, мийманхана ҳәм
лабораторияларды өз ишине алған медицина кластерлери шөлкемлестириледи. Оларды
заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын 200 миллион долларлық
жеңиллетилген кредит линиясы ашылады. Онда медицина кластерлерин қурған
исбилерменлерге 7 жыл мүддетке 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 процентлик
арзан кредитлер бериледи. Келеси үш жылда мийманхана ҳәм туризм орынларын
шөлкемлестириў ушын жәми 5 мың гектар жер аукционға шығарылады. Онда мийманхана
қурмақшы болған исбилерменлерден жерлерди сатып алыў ушын төлем
өндирилмейди. Есесине мәмлекет усы сумма
менен жойбарға үлес болып киреди. Исбилерменлер 10 жыл ишинде қәлеген ўақытта
бул үлести қайта сатып алыўы мүмкин болады. Егер исбилермен жердиң баҳасын
алдыннан төлеймен десе, 20 процент шегирме бериледи. Мийманхана қурыў ушын 7
жыл мүддетке 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ўәлаятлар орайы ҳәм туризмге
қәнигелескен 36 районда - 30 миллиард сумға шекем, басқа аймақларда болса 10
миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады. Көп исбилерменлер
мәмлекетлик объектлер ҳәм жеке меншик имаратларды сатып алып, мийманханаға
айландырмақта. Енди жаңа мийманхана ушын нәзерде тутылған субсидия оларға да
бериледи. Ҳәзир мийманхана ийелери ҳәр бир турист ушын күнине 62 мың сумға
шекем туристлик жыйым төлеўге мәжбүр. Енди Ташкент қаласы, ўәлаятлар орайы ҳәм
ири туристлик аймақлардан тысқары бирде-бир жердеги мийманхана бул жыйымды
төлемейди. Аймақларда санаат инфраструктурасын жақсылаўға быйыл 1,7 триллион
сум ажыратылды. Келеси жылы бул қәрежетлер 25 процентке арттырылып, 2,1
триллион сумға жеткериледи. Буннан тысқары, пайтахтта исбилерменлердиң саны
күннен-күнге артып атырғанын есапқа алып, электр тармақларын жақсылаў ушын және
2 триллион сум бериледи. Экономика турақлы өскени сайын жаңа инфраструктураға
талап артып бара береди. Кәрханасына сыртқы инфраструктураны өз есабынан ислеп
атырған исбилерменлер көбеймекте. Енди олардың бул қәрежети салық базасынан
шегирип тасланады. Айырым регионлардағы тынышсызлықлар ақыбетинде сыртқы
базарлардағы тербелислер, логистикадағы үзилислер экспорт түсимлериниң
кешигиўине алып келмекте. Бундай шараятта өзи де пул түспей атырған
исбилерменлер мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын жәрийма төлемекте. Бул
мәселени жүдә көп тоқымашылық кәрханалары ҳәм мийўе-овощ экспортёрлары көтерип,
жеңиллик сорады. Мәмлекетимиз басшысы машқаланың шешимин айтты - енди
мәмлекетлик үлеси болмаған кәрханаларға экспортта мүддети өткен қарыздарлық
ушын жәрийма есаплаў ҳәм өндириўге бир жыллық мораторий жәрияланады. Елимизде
40 тан аслам электрон төлем шөлкемлери болып, халқымыз өзине қолайлы мобил
қосымшадан пайдаланбақта. Енди 1-ноябрьден баслап исбилерменлер ушын барлық
мобиль төлем қосымшалары арқалы есап-санақ етиў имканиятын беретуғын универсал
QR-код бериледи. Жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған барлық
исбилерменлер келеси жылы 1-январьдан бирдей, яғный айланыстан 1 процент салық
төлеўге өткериледи. Мәселен, ҳәзир айланысы 100 миллион сумға шекемги жеке
исбилермен жыллық 12 миллион сумға шекем қатаң салық орнына көби менен 1
миллион сум төлейди. Ямаса айланысы 100 миллионнан 1 миллиард сумға шекемги
болған исбилермен айланысынан бурын 30-40 миллион сум салық төлеген болса, енди
оның салық жүги 3-4 есеге азаяды. Бүгинги ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық
даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен өз алдына ушырасыўлар
өткерилди. "Колл-орай" арқалы да 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм
басламалар келип түсти. Ҳәзирги қыйын шараятта ҳәр бир күн әҳмийетли екенин
есапқа алып, ашықтан-ашық сөйлесиўди күтип отырмастан, мийўе-овощ экспорты ҳәм
тоқымашылықта топланып қалған машқалаларға шешим таўып берилди. Өткен ҳәптеде
бизнести «саядан» шығарыўды хошаметлеў бойынша да исбилерменлерге және де
қолайлы шараятларды нәзерде тутқан үлкен жаңалықлар жәрияланды. Соның ишинде,
жумысын киши жойбардан баслап, бизнесте тәжирийбе ҳәм маманлық арттырған жеке
тәртиптеги исбилерменлерге жәрдем берип, оларды 50-100 адам ислейтуғын күшли
кәрханалардың ийелерине айландырыў мақсетинде ЖТИ ҳәм өзин-өзи бәнт еткен
шахслар ушын 2030-жылға шекем арнаўлы ҳуқықый режим енгизилди. Енди бундай
исбилерменлер ушын дизимнен өтиўден баслап есабат тапсырыўға шекемги барлық
хызметлерди жәмлеген санлы платформалар жаратылады. Онда исбилерменлер керекли
ҳүжжетлерге аралықтан турып биометрия ҳәм "СМС хабарнама" арқалы
электрон гилтсиз қол қоя алады. Жумысшыларға электрон ҳәмиян арқалы
"күнбай", "саатбай" мийнет ҳақы төлеў имканияты жаратылады.
Ашық сөйлесиў жуўмағында Президентимиз және бир мәрте исбилерменлерге мүрәжат
етти: 

 

 "Өзбекстан Республикасы Президентиниң
исбилерменлер менен V ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге
асырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң
Пәрманы бул мамлекетимизде харекет етип атырған исбилерменлер, фермерлер ҳамде
онерментлеримиз ушын улкен әхмиетке ийе болды.