Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги "2025 - 2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-454-санлы қарары тийкарында Қараөзек районы Ак.С.Камалов АПЖ аймағындағы 17-санлы мектеп бинасын реконструкция қылыў белгиленген еди. Бүгинги күнде мектепте «QIZQETKEN MAXSUS QURILIS» ЖШЖ тәрепинен 4 млрд 408 млн сўмлық қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 2-Гулистан сайлаў округинен депутат Н.Тлеумуратов, 13-Қара ағаш сайлаў округинен депутат М.Гулимбетов мәҳәлле ўәкиллери менен биргеликте қурылыс объектинде бүгинги күнде әмелге асырылып атырылған жумыслар барысы ҳәм қурылысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.