9 -июнь күни Көксарай резиденцияында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳəм Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фико ортасында өз-ара келисиўлер болып өтти.
Тəреплер Өзбекстан ҳəм Словакия арасындағы əмелий шерикликти беккемлеў ҳəм кеңейтиўге тийисли кең көлемли мəселелер додаланды.
Ушырасыў барысында Өзбекстан Республикасы жетекшиси Словакия Бас министриниң сапары еки мəмлекет арасындағы көп қырлы шериклик қатнасларын раўажландырыўда жаңа басқыш басланғанлығын айтып өтди.
Соның менен бирге, актуал халық аралық мəселелер, атап айтқанда, көп тəреплеме платформаларда өз-ара жəрдем көрсетиў туўралы пикир алмасты.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди нəтийжели ҳəм қоспа жойбарларды əмелге асырыў бойынша кең қамтылған “жол картасы”н қабыллаў бойынша келисиўге ерисилди.
Аяпберген ЕСЕМУРАТОВ,
9-санлы "Қызыл өзек" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты