Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Мүнәсибет

Мүнәсибет

Президентимиздиң Қытай Халық Республикасына сапары даўамында ШБШ мәмлекетлери арасында өз-ара түсинисиў ҳәм тилеклесликтиң беккемлениўи, бизиң регионымызда тынышлықты сақлаў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланыўы тек ғана халықаралық қатнасықларды емес, ал миллий раўажланыўымыздың беккем тийкарларын жаратыўға хызмет етеди. ШБШ шеңберинде саўда-экономикалық байланыслардың кеңейиўи халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етеди. Бул процесслер тең ҳуқықлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәмлекетлеримиз халықлары ушын абадан ҳәм турақлы келешектиң әҳмийетли кепили болып, мәмлекетимизде тынышлық, раўажланыў ҳәм халықлар арасындағы дослықты буннан былай да беккемлеўден дәрек береди деп исенемен. 

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты А.Жолымбетова