Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ADLIYA BO‘LIMINING YARIM YILLIK AXBOROTI DOIMIY KOMISSIYADA KO‘RIB CHIQILDI
янв.21
MOLIYA VA IQTISODIYOT BO‘LIMI XODIMLARIGA QONUN MAZMUN-MOHIYATI TUSHUNTIRILDI
янв.21
MAHALLAGA BIRIKTIRILGAN TIJORAT BANKI VAKILI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
KO‘CHABOSHILARI BILAN UCHRASHUVDA QONUN MAZMUN-MOHIYATI TUSHUNTIRILDI VA FUQAROLAR FIKRLARI O‘RGANILDI
янв.21
HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
SO‘FI MAHALLASIDA SAYYOR QABUL O‘TKAZILDI
янв.21
HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI VA AHOLI BANDLIGINI TA’MINLASH YO‘NALISHIDAGI ISHLAR O‘RGANILDI
янв.21
YOSHLAR YETAKCHISI FAOLIYATI DEPUTATLIK NAZORATI DOIRASIDA O‘RGANILDI
янв.21
HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI DEPUTATLIK NAZORATI DOIRASIDA O‘RGANILDI
янв.21
TIBBIYOT XODIMLARIGA QONUN MAZMUN-MOHIYATI TUSHUNTIRILDI
Мүнәсибет

 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы парманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған 7 әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте. Пәрманға тийкар Кеңес президиумы институтын шөлкемлестириў ҳәм айырым мәселелерди Президиум мәжилислеринде (сессиялар аралығында) көрип шығыў механизмин енгизиў белгиленди. Бул пәрманға тийкар сайлаў ҳуқықына ийе болған кеминде мың пуқара район (қала) лық Кеңеске, кеминде 5 мың пуқара ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңесине көрип шығылыўы шәрт болған мүрәжат киргизиў ҳуқықы бериледи. Бул жәмәәтлик мүрәжатлар жәмиет ҳәм мәмлекет мәплерине қайшы келмеўи, аймақтың улыўма мәплерин сәўлелендириўи керек. Буннан тысқары, усы Пәрманға муўапық жәмәәтлик мүрәжатларды жергиликли Кеңеслер тәрепинен көрип шығыў тәртип-қағыйдалары, мүрәжаттың мазмуны жәмиетлик ҳәм мәмлекетлик мәплерге қайшы келмеўи және аймақтың улыўма мәплерин билдириўи сыяқлы талапларға сай болыўы керек екенлиги де белгилеп бериледи. Жәмәәтлик мүрәжат етиў системасының жаратылыўы халқымыздың сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў менен бир қатарда, жергиликли Кеңес депутатларының да өз сайлаўшылары алдындағы
жуўапкершилигин арттырады.  

Н.Пиримбетова 

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты