Нөкис районында “Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди
Нөкис районы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында “Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди.
Илажға район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Абатова, районлық кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери, мәҳәллениң белсенди ҳаял-қызлары, жаслар ҳәм мәҳәлле жуўапкерлери қатнасты.
Бул баслама мәҳәлледеги ҳаял-қызлардың социаллық турмыстағы орны ҳәм белсендилигин және де арттырыў, олар дус келип атырған машқалаларды орнында үйрениў ҳәм шешим табыў мақсетинде шөлкемлестирилди.