Jańalıqlar

#Депутат_мәҳәлледе #Депутат_қадағалаўы

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған "Кеңес" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң жағдайы ҳәм сапасын үйренди.

✅ Илаж даўамында депутат аймақтағы мәҳәлле белсендилери ҳәм "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкерлери менен ушырасып, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы ушын жаратылған имканиятлардың орынлардағы орынланыўы додаланды. Халық ўәкили социаллық напақалардың өз ўақтында ажыратылыўы, кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм де кем тәмийинленген шаңарақларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық жәрдемлердиң нәтийжелилигине айрықша итибар қаратты.

✍️ Илаж соңында сайлаўшылар тәрепинен билдирилген усыныслар ҳәм анықланған системалы мәселелер депутатлық қадағалаўға алынып, мәҳәлледе социаллық хызметлер көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4