Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова мәҳәлледеги ҳаял-қызлардың жасаў шараятлары ҳәм оларды қыйнап атырған машқалаларды үйрениў мақсетинде «Кеңес» АПЖ аймағында болды.
✅ Ушырасыўлар даўамында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, саламатлығын тиклеў, социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм де ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, депутат ҳаял-қызлар менен жүзбе-жүз сөйлесип, олардың мүрәжат ҳәм усынысларын тыңлады.
✍️ Илаж соңында келип түскен мүрәжатлар бойынша тийисли шөлкемлерге усыныслар киритилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.